Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министри ўазыйпасын атқарыўшы Владимир Норов Қазақстан пайтахты Нур-Султан қаласында «Орайлық Азия- Қытай» тәризиндеги үшинши министрлер ушырасыўы шеңберинде Түркменстан Министрлер Кабинети баслығының орынбасары, сыртқы ислер министри Рашид Мередов пенен ушырасты.

Сөйлесиў ўақтында Өзбекстан ҳәм Түркменстан арасындағы еки ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиў күн тәртибиндеги кең көлемли мәселелер додаланды.

Мәмлекетлеримиз басшыларының сиясий ерк-ықрары нәтийжесинде Өзбекстан – Түркменстан қатнасығы сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилгени, өз-ара товар алмасыў жоқары пәтлерде өсип атырғаны атап өтилди.

Жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди әмелге асырыў, атап айтқанда, саўда-экономикалық, транспорт-коммуникация, илимий-ағартыўшылық, мәдений-гуманитарлық бағдарларда әҳмийетли жойбарларды әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.

Регионаллық бирге ислесиўдиң перспективасы, халықаралық шөлкемлер шеңбериндеги жедел ҳәм нәтийжели сөйлесиўди даўам еттириў зәрүрлиги мақулланды.

Жоқары дәрежеде өткерилиўи режелестирилген илажлардың кестеси, күн тәртиби ҳәм шөлкемлестириў мәселелери көрип шығылды.

Сыртқы ислер министрликлериниң басшылары еки туўысқан халықтың абаданлығы жолында стратегиялық шериклик қатнасығын тереңлестириў жолында исенимли екенликлерин тастыйықлады.

Сөйлесиў дәстүрий түрде дослық, исшеңлик руўхында өтти.

ӨзА