Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева Бирлескен Миллетлер Шөлкеми (БМШ) Бас хаткериниң биринши орынбасары Амина Муҳаммад пенен ушырасты.

Сөйлесиў даўамында еки тәреплеме бирге ислесиў байланыслары, БМШтың Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў шеңберинде Өзбекстанда әмелге асырылып атырған жумыслар, парламентлераралық бирге ислесиў, ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, олардың социаллық-экономикалық имканиятларын кеңейтиў, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстағы қатнасын және ле жеделлестириў ҳәм бир қатар әҳмийетли мәселелер ҳәр тәреплеме додаланды.

Сенат Баслығы Т.Норбоева мийманды қызғын қутлықлап, оны елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар менен жақыннан таныстырды.

Жақсы қоңсышылық байланыслары, ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў шеңберинде жаратылып атырған шараятлар, инсан ҳуқықларын қорғаў, адам саўдасы ҳәм  мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў, нызамшылықты жетилистириў бойынша алып барылып атырған жумсылардың нәтийжелери мийманда үлкен қызығыўшылық оятты.

Сөйлесиў процесинде 2021-жылдың 23-24-июнь күнлери Бухара қаласында Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўде парламентлераралық глобал бирге ислесиў мәселелерине бағышланған халықаралық форум өткерилгенине тоқтап өтилди.

Амина Муҳаммад кейинги жыллары Өзбекстанда жүз берип атырған унамлы өзгерислерге тоқтап өтип, бул жағдайлар халықаралық шеңберде кең түрде тән алынып атырғанын айтып өтти. Әсиресе, ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бойынша Өзбекстан Орайлық Азия регионында жетекши сыпатында жедел жумыс алып барып атырғанын айрықша атап өтти.

Тәреплер әмелге асырылған жумыслар менен бирге келешектеги режелер ҳаққында да пикир алысты.

ӨзА