Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ «Нураныйларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардыӊ турмыс дәрежесин арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары тийкарында аймақлардағы, Нураныйлар жәмийетлик кеңеслери, пуқаралар жыйынларындағы “Кекселер мәсләҳәти” топарлары ағзалары ҳәм мәҳәлле белсендилериниң қатнасында аймақлардағы тәрбиясы аўыр, мәнаўий көмекке мүтәж,  жумыссыз жасларды “Бир нураный он жасқа жуӯапкер” принципи тийкарында  үлгили өмир ҳәм мийнет жолына ийе нураныйларға бириктириў ўазыйпасы жүкленген еди.

Бул жумыслардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Қараөзек районында Мәҳәлле ҳәм нураныйларды  қоллап-қуўатлаў бѳлими, Жаслар ислери агентлиги, Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы районлық бѳлими тәрепинен, пуқаралар жыйыны ақсақаллары менен биргеликте аймақлардағы  36 белсенди  нураный 287  жасқа  мәнәўий устаз сыпатында жуӯапкер етип бекитилди.

Бул жумысларды жетилистириў мақсетинде район орайындағы “Самат” ресторанында  аймақлардағы жасларға устаз сыпатында бириктирилген нураныйлар менен район белсендилери ҳәм жаслар жетекшилериниң  ушырасыўы өткерилди.

Онда жәмийетимизде ел-журт тәғдирине бийпәрўа болмаў,  жаслар тәрбиясында  жасы үлкенлердиң жуўапкершилигин арттырыў мәселелери бойынша сәўбетлесиўлер өткерилип, бул жумысларды нәтийжели жолға қойған нураныйлар хошаметленди.

Илажға район ҳәкими У. Утамбетов  ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министриниӊ орынбасары, Нураныйлар қоры  Қарақалпақстан Республикасы бөлими баслығы  Т. Абдижаббаровлар қатнасты.

Усы күни район орайындағы «Ата мәкан» мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы 100 жасар теберик апамыз Бийбайым Мәтекееваның ҳал-жағдайынан хабар алынып, оған саўғалар тапсырылды.

Адилбай Оразов,

Ⱪарақалпақстан хабар агентлиги шолыӯшысы