Өзбекстан Республикасы Президентиниң «2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы ҳаққында»ғы пәрманында Әдиллик министрлиги, Есап палатасы, Раўажланыў стратегиясы орайы, «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекетлерине биргеликте Раўажланыў стратегиясының ҳәм Мәмлекетлик бағдарламалардың сапалы ҳәм ўақтында орынлаўын системалы мониторинг етип барыў бойынша ўазыйпалар белгиленген.

Пәрманда белгиленген усы ҳәм басқа да тийисли ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, быйылғы жылдың 13-апрель күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде өткерилген мәжилисте Раўажланыў стратегиясын қоллап-қуўатлаўшы жәмийетлик топардың қурамы тастыйықланды.

Тийкарғы мақсет – Мәмлекетлик бағдарламаларда белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын жәмийетшилик қадағалаў тийкарында үйрениў, жәмийетшиликти тыңлап, додалаў сол арқалы жол қойылып атырған кемшиликлерди сапластырыўдан ибарат.

Жоқарыдағы көрсетилген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, усы жыл 8-июнь күни Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигинде «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими тәрепинен жәмийетлик тыңлаў шөлкемлестирилди.

Жәмийетлик тыңлаў 2022-жылғы Мәмлекетлик бағдарламаның 199-бәнти (улыўма билим бериў мектеплеринде кәсип үйрениў нийетинде болған питкериўшилерди мәмлекет тәрепинен кеминде бир кәсипти ийелеўине көмеклесиўши системаны енгизиў бойынша усынысларды киргизиў) ҳәм 211-бәнти (Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында тәжирийбе-сынақ жолы менен баслаўыш класс (1-4-класс) оқыўшыларын бийпул аўқат пенен тәмийинлеў системасын енгизиў) бойынша Қарақалпақстан Республикасында әмелге асырылып атырған жумыслардың орынланыў барысына бағышланды.

Оған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң, халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслериниң депутатлары, тийисли министрлик, мәкеме ҳәм шөлкемлердиң басшылары, мектеп директорлары, Раўажланыў стратегиясын қоллап-қуўатлаўшы жәмийетлик топар ағзалары, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер менен сиясий партиялардың ўәкиллери ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.

Илажды «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң баслығы Т.Романов алып барды.

Жәмийетлик тыңлаўда быйылғы Мәмлекетлик бағдарламаның 199 ҳәм 211-бәнтлериниң орынланыўы бойынша әмелге асырылған жумыслар туўралы тийисли тараў басшыларының есабатлары тыңланды.

Күн тәртибиндеги мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министри Р.Реймов, Санитариялық-эпидемиологиялық  тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасы баслығының орынбасары М.Шамшетов, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министриниң орынбасары Б.Илъясов ҳәм «Бахытлы Гүлдана Нукус» ЖШЖ директоры З.Кожаметовлар шығып сөйлеп, мәмлекетлик бағдарламада белгиленген ўазыйпалар бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар туўралы мағлыўмат берди.

Атап өтилгениндей, тийисли қарар ҳәм көрсетпелерге муўапық, Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен Мәмлекетлик қаржылар есабынан шәртнама бойынша Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятына  2022-жыл 7-февраль сәнесинен баслап, тәжирийбе-сынақ жолы тийкарында улыўма орта билим бериў мектеплеринде билим алып атырған 1-4-класс оқыўшылары ушын бийпул азық-аўқатлық өнимлер жеткерип берилди.

Оқыўшылар ушын берилетуғын бийпул азық-аўқатлық өнимлерди тарқатыўдың тәртиби ислеп шығылып, ҳәзирги күнде усы тәртип тийкарында Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигине қараслы 720 улыўма билим бериў мектеплеринде билим алып атырған жәми 139 мыңнан аслам баслаўыш класс оқыўшыларына таяр азық-аўқатлық өнимлер жеткерип берилмекте.

Әлбетте, бул өнимлер Өзбекстан Республикасы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығын сақлаў хызмети ҳәм Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен тастыйықланған дизим тийкарында тарқатылады.

Жеткерип берилген өнимлер мектеп директоры ҳәм бириктирилген жуўапкер хызметкерлер тәрепинен тексерилип, қабыл етиў ҳәм тапсырыў протоколлары дүзиледи. Өнимлердиң сапасызлығы, талапқа жуўап бермейтуғын жағдайлары анықланса, қабыл етип алынбай, жеткерип бериўшиге акт пенен қайтарылады ҳәм орнына сапалы өнимлер алыў талап етиледи.

Аўқатланыўды дурыс шөлкемлестириў, ҳәр бир оқыўшыға сапалы азық-аўқат өнимлериниң жетип барыўы, сақланыўы, есап-санақ жумысларының дурыс алып барылыўы ҳәм ҳақыйқатлығына жеке жуўапкерлик мектеп директорларына жүкленген.

Алыс аймақларда жайласқан улыўма билим бериў мектеплери ушын бир ҳәптелик таяр азық-аўқатлық өнимлер жеткерип бериўши тәрепинен жеткериледи ҳәм сақланыўы тәмийинленеди.

Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигинин Оқыўшыларды кәсипке бағдарлаў ҳәм педагогикалық-психологиялық Республика Диагностика жумысларын шөлкемлестириў Орайы тәрепинен 2021-2022-оқыў жылы даўамында бир қанша жумыслар әмелге асырылды.

Оқыўшыларды кәсипке бағдарлаў реже бойынша, избе-изликте, график тийкарында «Кәсибим-келешегим»  profnavigator.uz сайты арқалы онлайн түрде оқыўшылардың кәсипке қызығыўшылығын анықлаўшы ҳәр қыйлы методлар ҳәм сораўлар арқалы анықланбақта.

Реже тийкарында кәсип-өнерге таярлаў ўазыйпалары ҳәм оған оқыўшы жасларды кәсипке бағдарлаў жумысларын шөлкемлестириў анық белгилеп берилди. «Устаз-шәкирт» бағдарламасы бойынша оқыўшыларды кәсип-өнерге бағдарлаў ҳәм тәжирийбелерин арттырыў ушын «Кәсиплер айлығы» илажларын шөлкемлестириў ҳәм өткериў тәртиби  тастыйықланды. Бул бойынша районлар кесиминде экскурсия графиклери ислеп шығылып, ҳәзирги күнде кәрхана ҳәм өндирислик орынлар, теплица, цех, автотех ҳ.т.б да мәкемелерге экскурсиялар шөлкемлестирилмекте.

Халық билимлендириў бөлимлерине қараслы улыўма орта билим бериў мектеплериниң 11-класс оқыўшыларынан усы жылы март-апрель айларында жоқары оқыў орынларында оқыўын даўам етиўди қәлеўшилер,  кәсипке ҳәм исбилерменликке қызығыўшылығы бар оқыўшыларды анықлаў мақсетинде арнаўлы сораўнама өткерилди. Бул сораўнамалар ата-аналар менен биргеликте ҳәм олардың келисими менен алып барылды. Сондай-ақ, кәсип үйрениў тилегин билдирген питкериўшилерге мәмлекет тәрепинен кеминде бир кǝсипти таңлаўы яки ийелеўи ушын бағдар көрсетилди.

Халық билимлендириў министирлиги ҳәм Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент информация-технологиялары университети Нөкис филиалы, Беруний районы “BERUNIY ACADEMY” кәсип-ѳнерге оқытыў орайы, Төрткул районы “DINUR  JOBS” кәсип-өнерге оқытыў орайлары менен Меморандум дузилип, биргеликтеги жумыслар даўам етпекте.

Кегейли районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы улыўма орта билим бериў мектеплериниң 11-класс оқыўшыларына 2022-жыл май айында қызығыўшылығы бар оқыўшыларға кредитлер ажыратылып, соның нәтийжесинде, ҳәзирги ўақытта 6 оқыўшы, жәми 113 миллион сумлық жеңиллетилген кредитке ийе болды ҳәм өзлери қызыққан кәсиплер бойынша жумысларын баслады.

Усы жылдың апрель-май айлары даўамында «Перзентлеримиздиң келешегине бийпәрўа болмайық!» атамасында акциялар өткерилип, барлық улыўма билим бериў мәкемелеринде даўам еттирилди. Бундағы баслы мақсет – оқыўшылардың бир кәсипти саналы түрде таңлаўына, келешекте жәмийеттен өз орнын табыўына жәрдем бериў есапланады.

Жәмийетлик тыңлаўда оқыўшыларға азық-аўқатлық затлардың Ташкент қаласынан алып келиниўи, сақланыўы, соң оны районларға, оннан кейин мектеплерге тарқатыў даўамында сапасының бузылыўы, алып келинген өнимлердиң сапасының тексерилиўи сыяқлы мәселелер бойынша жүзеге келген машқалалар, анықланған кемшиликлер атап өтилип, оның шешими бойынша пикир-усыныслар билдирилип, тийисли қарар қабыл етилди.

Жәмийетлик тыңлаўда  қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги