Қарақалпақтан Республикасы бажыхана басқармасы хызметкерлери бажыхана тараўында исбилерменлик субъектлерине жаратылған шараятлар, берилип атырған жеңилликлерден кеңнен пайдаланыў, олардың машқалаларын орынларға шыққан ҳалда үйрениў мақсетинде «Nukussаntexgazmontaj» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде болды.

Бул жәмийет сырт елден бийдай алып келип, оны қайта ислеп, ун өнимлерин ислеп шығарыў менен шуғылланады. Түркия мәмлекетинен баҳасы 533 мың долларға тең болған әсбап-үскенелер алып келингенде ҳүкиметимиздиң қарарларына тийкарланып бажыхана төлемлеринен 912 миллион сум муғдарында жеңиллик қолланылған бул кәрхана күнине 60 тонна бийдайды қайта ислеў қуўатлылығына ийе. Соның нәтийжесинде 30 адам турақлы жумыс орны менен тәмийинленген.

Бүгинги күни мәмлекетимизде исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў бағдарында жаратылған имканиятлар өзиниң унамлы нәтийжесин берип атырғанын атап өткен орынлы. Тек ғана Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы тәрепинен усы жылдың өткен бес айы даўамында 154 миллиард 230 миллион сум муғдарында бажыхана төлемлеринен жеңиллик қолланылған ҳалда рәсмийлестирилген. Өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 96,8 процентке өскен бул көрсеткиш мәмлекетимизде сыртқы саўда операцияларын әмелге асырыўшы исбилерменлик субъектлериниң өз жумысын буннан былай да кеңейтип, қосымша жумыс орынларының жаратылыўына тийкар жаратпақта.

Соннан бийдайды қайта ислеўши әсбап-үскенелер ушын быйылғы жылдың басынан берли 53 миллиард 258 миллион сум муғдарында бажыхана төлемлеринен жеңиллик қолланылған. Ҳүкиметимиз тәрепинен жаратылған имканиятлардан өнимли пайдаланған бул кәрхана Қазақстан Республикасынан 315 мың АҚШ доллары баҳасында 126 тонна бийдай импортын әмелге асырған.

Республикамыз аймағында жумыс алып барыўшы исбилерменлик субъектлери тәрепинен усы жылдың басынан 8 миллион 202 мың АҚШ доллары баҳасындағы 31 мың 898 тонна бийдай өними еркин айланысқа шығарылған болып, бул көрсеткиш өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 3 мың 483 тоннаға артқан.

Ҳәзирше ишки базарды сапалы бийдай менен тәмийинлеп киятырған кәрханаға бажыхана хызметкерлери өзиниң жумыс көлемин кеңейтип, келешекте қайта ислеў өнимин «реэкспорт» етиў бойынша нызамшылық талапларын, соның ишинде, Өзбекстан Республикасы Президентиниң  усы жыл 26-апрельдеги «Бажыхана аймағында қайта ислеў бажыхана режими қолланылыўын әпиўайыластырыўға байланыслы қомсымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманы бойынша толық мағлыўмат берилди.

Атап айтқанда, усы жыл 1-майдан баслап товарларды қадақлаў, ораў (соның ишинде, қайта ораў), айырыў, тазалаў, басқа затларға бейимлестириў ҳәм үскенелерди модернизациялаў бажыхана аймағында қайта ислеў операциялары есапланып, товарлардың экспорты ушын Өзбекстан Республикасының нызамшылығы менен белгиленген бажыхана жыйымларының ставкалары, жеңилликлер, преференциялар ҳәм экспортты қоллап-қуўатлаў бойынша илажлар, соның ишинде, темир жолда тасыў баҳалары, субсидиялар ҳәм компенсациялар «реэкспорт» бажыха режиминде алып шығылатуғын қайта ислеў өнимлерине де енгизилиўи ҳәм басқа  тәртип-қағыйдалар түсиндирилип, кәрхананың жумыс көлемин кеңейтиў, жаңа жумыс орынларын жаратыў бойынша усыныслар берилди.

Кәрхана директоры Абдурахман Қутлымуратовтың атап өткениндей, жаратылған имканиятлардан пайдаланған ҳалда, халықтың дәстурханын толтырыў мақсетинде хызмет етпекте. Келешекте жумыс көлеми кеңейтилип, ун экспортын әмелге асырыў режелестирилмекте.

Бажыхана хызметкерлери сондай-ақ, «Global food impex» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде болды.

2018-жылы иске түсирилген ыссыханада помидор ҳәм қыяр өнимлери алмаслап егилип, күниге 2 тоннаға шекем өним алыў қуўатлығына ийе. Бул жерде 26  хызметкер турақлы, 20 хызметкер мәўсимлик жумыс пенен тәмийинленген.

Бул кәрхана жәмәәти де бажыхана төлемлеринен берилип атырған жеңилликлерден нәтийжели пайдаланған ҳалда, бажыхана төлемлеринен үнемленген қаржыны жумысты раўажландырыўға пайдаланбақта.

Атап айтқанда, кәрханада 2,4 миллион АҚШ долларына тең товар импорты әмелге асырылған болса, оларға 8 миллиард 175 миллион сум бажыхана төлеминен жеңиллик қолланылған.

Бир сөз бенен айтқанда, бүгинги күни барлық тараўларда ҳүкиметимиздиң жәрдеми және қоллап-қуўатлаўы менен кең көлемли жумыслар мәмлекетимиздиң раўажланыўы, халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеўге хызмет етпекте.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы