Пайтахтымыз Нөкис қаласында «Бес баслама олимпиадасы» шеӊберинде «Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таӊлаўыныӊ республикалық басқышы болып өтти.

Оған аймақларда жеӊимпаз болған Нөкис қаласы, Кегейли, Елликқала, Шоманай, Шымбай ҳәм Төрткүл районларыныӊ талантлы жаслары қатнасып, өз өнерлерин көрсетти.

Оғада қызықлы болып өткен таӊлаў жуўмағында Шоманай районыныӊ «Қоӊсылар» командасы 1-орынды ийелеп, таӊлаўдыӊ жуўмақлаўшы басқышына жолламаны қолға киргизген болса, Шымбай районыныӊ «Өзгелерден өзгеше», Нөкис қаласыныӊ «Алланияз қаҳарманныӊ қуўлықлары» командалары 2-3-орынларды ийелеўге миясар болды.

Жеӊимпаз командалар шөлкемлестириўшилер тәрепинен арнаўлы Диплом ҳәм сыйлы саўғалар менен сыйлықланды.

Адилбай Оразов,

Ⱪарақалпақстан хабар агентлиги шолыӯшысы