Усы жылдың 1-июнь сәнесине шекемги есап бойынша, республикамызда 106109 шаңарақ ҳәм 109 мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми суйылттырылған газден пайдаланбақта.

Быйыл усы күнге шекем суйылттырылған газ тутыныўшыларына 7103 тонна суйылттырылған газди жеткерип бериў режелестирилген болып, әмелде 7312 тонна (104 %) жеткерип берилген.

– Филиалымыз ҳәм оның бөлимлеринде халыққа суйылттырылған газ жеткерип бериў ушын арналған жәми айланыста 186160 турмыслық газ баллонлары болып, барлығына арнаўлы стикерлер бириктирилген,-дейди «Ҳудудгаз Қарақалпақстан» газ тәмийнаты филиалы директорының орынбасары Сәрсенбай Бекимбетов. – Оннан пайдаланыўшылардың ҳәммеси толық түрде ID карталар менен тәмийинленген.

Суйылттырылған газди халыққа жеткерип бериў район ҳәкимликлери тәрепинен тастыйықланған реже-график тийкарында әмелге асырылмақта. Усы мақсетте жәми 31 арнаўлы автотранспортлардан пайдаланылмақта.

Суйылттырылған газден пайдаланыўшы халықтың машқалаларын мәҳәлле кесиминде үйрениў ҳәм оларды шешиў мақсетинде мәҳәлле белсендилери менен телеграмм каналлары арқалы байланысыў жолға қойылды. Сондай-ақ, халықтың мүрәжат етиўи ушын филиалдың 1104-колл-центр ислеп турыпты және халықтың жуўапкер басшы хызметкерлер менен тиккелей байланысыўы ушын олардың телефон номерлери жазылған визиткалар да тарқатылған.

Филиалға быйылғы жылдың басынан берли суйылттырылған газ тәмийнаты бойынша жоқары турыўшы шөлкемлер арқалы 14 мүрәжат (соның сегизи қосымша газ баллон ажыратыў, алтаўы суйылттырылған газ тәмийнаты бойынша) келип түсти. Бул мүрәжатлар жуўапкер хызметкерлер тәрепинен үйренилип өз шешимин тапты. Бүгинги күнде районлық газ тәмийнаты бөлимлериниң қоймаханаларында халықтың мүтәжликлери ушын 2968 турмыслық газ баллонларының резерви жаратылды.

Суйылттырылған газди газ баллонларына толтырып халыққа жеткерип бериўде Нөкис газ толтырыў станциясы ҳәм Әмиўдәрья, Беруний, Қоңырат, Шымбай районларында жайласқан газ толтырыў шақапшалары жумыс ислеп турыпты.

Республикамызға өндирислик кәрханалардан ажыратылған суйылттырылған газ темир жол вагон цистерналарында ҳәм автотранспортларда тасып алып келинеди. Өндирислик кәрханалардан тасып алып келинген суйылттырылған газ баллонларын Нөкис газ толтырыў станциясында сақлаў ҳәм тарқатыў жолға қойылған болып, олар усы жерден районлардағы суйылттырылған газ толтырыў шақапшаларына тарқатылады.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги