Соӊғы жыллары елимизде халық хожалығыныӊ барлық тараўлары сыяқлы шарўашылық тараўын раўажландырыў ҳәм оны жоқары маманлықтағы жетик кадрлар менен тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылып келинбекте.

Әсиресе, республикамызда Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық медицинасы ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалыныӊ ашылыўы тараўға қызығыўшы жасларға кеӊ имканиятлар менен мүмкиншиликлер жаратты. Бүгинги күни бул оқыў дәргайында  жети бағдар бойынша 927 студент билим алмақта.

Бозатаў районы республикамыз бойынша тийкарынан шарўашылыққа қәнигелескен район болып, бул аймақ жаслары да усы тараўға көбирек қызығады. Сонлықтан олардыӊ қызығыўшылығын инабатқа алып, питкериўшилерди кәсипке бағдарлаў мақсетинде,  республикамызда Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық медицинасы ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалы жәмәәти усы райондағы 1-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде болды ҳәм аймақтағы мектеп питкериўшилери ҳәм олардыӊ ата-аналары менен ушырасты.

Ушырасыўда филиал директоры А.Есимбетов шығып сөйлеп, илаж қатнасыўшыларына оқыў дәргайы ҳәм онда студентлердиӊ билим алыўы ушын жаратылған шараятлар, жаӊа өзгерислер ҳаққында кеӊ түрде түсиниклер берди ҳәм оқыўшылардыӊ қызықтырған сораўларына жуўап берди.

—Бүгин мектеп оқыўшылары ушын үлкен имканиятлар бар. Оларды көрип оғада ҳәўес етесеӊ. Жаслардан тек усы мүмкиншиликлерден нәтийжели пайдаланыў ғана талап етиледи,-деди өз сөзинде Адилбай Есимбетов.

Сондай-ақ, ушырасыўда филиалдыӊ 3-курс студенти, Төлепберген Қайыпбергенов атындағы мәмлекетлик  стипендияныӊ жеӊимпазы А.Досекеева ҳәм басқалар шығып сөйлеп, оқыў дәргайындағы сабақ өтиў барысы, устазлары ҳаққында питкериўшилерге айтып берди.

Илаж даўамында оқыўшылар Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық медицинасы ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалы тәрепинен шөлкемлестирилген көргизбе менен танысып, филиал турмысы бойынша  кеӊ түсиникке ийе болды.

Сондай-ақ, илаж шеӊберинде филиалдыӊ зийрек студентлери тәрепинен оқыўшылар арасында «Заковат» интеллектуаллық ойыны, қызлар арасында спорттыӊ баскетбол түринен жарыс шөлкемлестирилди. Жарыс жуўмағында жеӊимпазлар анықланып, олар шөлкемлестириўшилер тәрепинен сыйлы саўғалар менен сыйлықланды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы