Талантлы оқыўшылардыӊ қәбилетлерин  жүзеге шығарыў, олардыӊ дөретиўшилигиниӊ раўажланыўына кеӊ жол ашыў ҳәм қолайлы шараятлар жаратып бериў бүгинги мәмлекетимизде жүргизилип атырған баслы сиясаттыӊ бири болып табылады.

Сонлықтан соӊғы ўақытлары елимиз мектеплеринде бул бағдарда бир қатар унамлы жумыслар алып барылмақта. Нөкис районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 18-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде бул бойынша ис-режелер белгилеп алынып, усы ўазыйпалар тийкарында жумыслар жүргизилмекте.

Атап айтатуғын болсақ, дөретиўшиликке қызығыўшы бир топар оқыўшылар, Шымбай районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 17-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниӊ оқыўшылары менен биргеликте Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамында болып, ол жерде Жазыўшылар аўқамы баслығы, Өзбекстан халық жазыўшысы, Қарақалпақстан халық шайыры Кеӊесбай Каримов, Жазыўшылар аўқамыныӊ жуўаплы хаткери, жазыўшы Бекназар Ерназаровлар менен ушырасты.

Ушырасыўда шайыр ҳәм жазыўшы К.Каримов оқыўшылардыӊ жазған дөретпелери менен танысып, оларға өзиниӊ баҳалы мәсләҳәтлерин берди. Өз гезегинде оқыўшылар да көркем әдебият ҳәм дөретиўшилик бойынша оған сораўлар берип, оларға тийисли жуўаплар алды.

Сондай-ақ, ушырасыў кешесинде жазыўшы Б.Ерназаров та сөзге шығып, дөретиўшиликке  қызығыўшы оқыўшылардыӊ талантларын жүзеге шығарыў ушын Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы тәрепинен соӊғы ўақытлары исленип атырған илажлар ҳаққында кеше қатнасыўшыларына кеӊ түрде айтып өтти.

Өз гезегинде шымбайлы оқыўшыларды баслап келген 17-санлы мектеп директорыныӊ орынбасары Султанбай Абдуллаев, қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими Муҳаббат Мәмбетбаева, үгит-нәсиятшы Ә.Оразов  устаз ағаларымызға өзлериниӊ миннетдаршылығын билдирип, жазыўшы-шайырлар менен усындай ушырасыўлар жийи-жийи болып турса екен, деп өз пикирлерин билдирди.

Жуўмақлап айтатуғын болсам, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамында болған еки мектеп оқыўшылары менен бирликте биз педагогларда да оғада баҳалы руўхый азық алыўға миясар болдық.

Ғумшагүл Досымбетова,

Нөкис районлық ХББ қараслы 18-санлы мектеп директорыныӊ руўхый-ағартыўшылық мәселелери бойынша орынбасары.

Қарақалпақстан хабар агентлиги