D Scientific Index reyting агентлиги Top Universities Ranking 2022 дизимин жәриялады.

Онда дүнья жүзи бойынша 15600 ден аслам университетлер қатнасып, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети 2543-oрынды, Азия континетинде 675-oрынды, Өзбекстан Республикасы бойынша 2-орынды ийеледи. Бул рейтингке Өзбекстаннан 48 университет киргизилген.

Сондай-ақ, рейтингте университетлерде ислеўши илимпазлардыӊ да рейтинги жәрияланды. Онда ҚМУ дан 58 профессор-оқытыўшылар орын алып, рейтингте 1-орынды Қанатбай Исмайылов, 3-орынды Ахмед Реймов, 10-орынды М.Тагаевлар ийелеп тур.

Бул быйылғы жылы өзиниӊ 45 жыллығын белгилеў алдында турған Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ушын айтарлықтай жетискенлик болып есапланады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы