Кеше футбол бойынша Европа лигасыныӊ финал ушырасыўы болып өтти.
Онда Европаныӊ көплеген күшли клубларын жеӊип артта қалдырған Германияныӊ «Айнтрахт» ҳәм Шотландияныӊ «Рейнжерс» командалары өз-ара кубок ушын өз-ара кескин гүрес алып барды.
Ойынныӊ 1-таймында командалар қанша ҳәрекет етсе де, дәрўазаларға гол ура алмады. Екинши таймда болса, командалар көбирек ҳүжимге өте баслады ҳәм 57-минутта Жоэ Арибо «Айнтрахт» дәрўазасын анық нышанға алып, «Рейнжерс»ти алдынға алып шықты.
Бирақ, шотландиялы футбол жанкүйерлериниӊ қуўанышы 12 минут ғана даўам етти ҳәм 69-минутта Рафаэл Сантос Борре есапты теӊлестириўге миясар болды.
Ойынныӊ қалған минутлары ҳәм қосымша берилген экстра-таймларында футболшылар қаншелли ҳәрекет еткени менен есап өзгерместен қалды. Ал, төрешилер тәрепинен белгиленген пенальтилар сериясында болса «Айнтрахт» 5:4 есабында жеӊиске ерисип, Европа Лигасы чемпионына айланды.
Усы жерде немис клубы буннан 42 жыл бурын 1980-жылы УЕФА Кубогин қолға киргизгенлигин атап өтиўимиз керек.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы