Нызамшылыққа бола, халық тәрепинен Мәмлекетлик экология комитетиниң Интернет тармағындағы арнаўлы мәлимлеме системасына жиберилген экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбияттан пайдаланыў тараўындағы ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы фотосүўретлер ҳәм видеожазыўлар Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексте белгиленген тәртипте көрип шығылады.
Фотосүўретлер ҳәм видеожазыўларды жиберген шахслар ҳуқықбузардан өндирилген жәрийма муғдарының 15 проценти муғдарындағы ақшалай сыйлық пенен хошаметленеди.
Ⱪарақалпақстан хабар агентлиги