Президент пәрманына бола, 1-июньнен баслап:
жоқары ҳәм биринши категориялы медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлериниң мийнет ҳақысы 15 процентке;
екинши категориялы ҳәм категориясы жоқ хызметкерлердиң мийнет ҳақысы 10 процентке арттырылады.
Медицина мәкемеси хызметкерлериниң тариф ставкаларын есаплаў әмелдеги мийнетке ҳақы төлеў разрядлары бойынша тариф коеффициентлерин тийисли түрде 1, 15 ҳәм 1,1 есеге көбейтиў арқалы әмелге асырылады.
Айрықша нәтийжелерге ерискен тараў ўәкиллерине 100 процентке шекем, жас шыпакерлерге 1 миллион сумға шекем айлық үстеме төленеди.
2022-жыл 1-сентябрьден баслап, емлеў-профилактика мәкемелериниң хызметкерлерине медицина тараўындағы илимди раўажландырыўға қосып атырған үлесин есапқа алған ҳалда:
илим докторы (Doctor of Science l) илимий дәрежеси ушын лаўазым мийнет ҳақысының 60 процентине шекем;
илим кандидати ямаса философия докторы (PhD) илимий дәрежеси ушын лаўазым мийнет ҳақысының 30 процентине шекем муғдарда ҳәр айда қосымша ҳақы төленеди.
Ⱪарақалпақстан хабар агентлиги