Тоғай өртлери бир қатар рак кеселликлериниң қәўипин арттырады. Канадалы илимпазлар тәрепинен өткерилген изертлеўде усындай шешимге келинди. Бақлаўлар ҳаққындағы толық мақала «The Lancet Planetary Health» журналында басып шығарылды.
Канада университетиниң эпидемиологлары ҳәм изертлеўшилери 2 миллион канадалылар арасында изертлеў өткерди. Олар 1996 – 2015-жыллар аралығында рак кеселлиги ҳәм усы кеселликтен өлимшилик жағдайлары бойынша статистикалық мағлыўматларды таллады. Нәтийжеде илимпазлар тоғай өртлерине дус келген адамларда өкпе раги менен кеселлениў итималы 4,9, мий исиги менен кеселлениў итималы 10 процент көбирек, деген шешимге келди.
Изертлеўшилердиң пикиринше, тоғай өртлериниң нәтийжесинде атмосфераға шығарылатуғын канцерогенлердиң инсан саламатлығына тәсирин баҳалаў бойынша кейинги жумыслар зәрүр.
Қарақалпақстан хабар агентлиги