Meta Platforms Inc. Өзбекстанда Meta Pay товар белгисин дизимнен өткериўге арза берди. Бул бойынша тийисли мағлыўмат Әдиллик министрлиги жанындағы Интеллектуаллық мүлк агентлигиниң базасында пайда болған.
Facebook, Instagram ҳәм WhatsApp’ты басқаратуғын компания 16-май күни арза берген. Онда төмендеги жумыс түрлери көрсетип өтилген:
– онлайн төлемлер ҳәм товар және хызметлерди сатып алыў ушын жүклеп алынатуғын программалық тәмийнат, электрон финанслық платформа;
– финанслық хызметлер, электрон карталар менен транзакцияларды қайта ислеў;
– транзакциялар ҳәм онлайн-өткермелер, соның ишинде, криптовалюталарды қайта ислейтуғын программалық тәмийнатты усыныў.
Meta Pay – Марк Цукерберг корпорацияның жаңа атамасы болып, өзиниң төлем системасы ушын ребрендинг сыпатында сайланған. 2009-жылдан ҳәзирги күнге шекем ол Facebook Pay сыпатында ислеп келген. Бул атама астында 160 мәмлекетке кирип барған ҳәм 55 валютада төлемлерди қабыл етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги