Ҳәзирги ўақытта суўдың там-тарыслығы тек Өзбекстанда емес, ал басқа көплеген мәмлекетлерди қыйнап киятырған машқалалардың бири болып есапланады. Кейинги жылларда суўдың там-тарыслығы әсиресе республикамыздың аўыл-хожалығының раўажланыўына, экологияға көбирек өз тәсирин көрсетип атыр.
Cол себепли кейинги жылларда ирригация тармақларын раўажландырыў ҳәм суўғарылатуғын жерлердиң мелиоративлик жағдайын жақсылаўда суў хожалығы объектлерин қурыў ҳәм реконструкциялаў, суўды үнемлеўши технологияларды кеңнен енгизиў, суў ресурслары ҳәм электр энергиясынан пайдаланыўдың автоматласқан қадағалаўын жолға қойыў және илим жаңалықларын өндириске енгизиўге айрықша итибар қаратылмақта.
Биз Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министри ўазыйпасын атқарыўшы Әдилбек Реймбаев пенен сәўбетлесип, мәмлекетлик бағдарламалар тийкарында суў хожалығы тараўында әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша қызықтырған сораўларымызға жуўап алдық.
– Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 24-февральдағы «Өзбекстан Республикасында суў ресурсларын басқарыў ҳәм ирригация секторын раўажландырыўдың 2021-2023-жылларға мөлшерленген стратегиясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарарына муўапық өткен жылы қандай илажлар әмелге асырылды?
– Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 24-февральдағы «Өзбекстан Республикасында суў ресурсларын басқарыў ҳәм ирригация секторын раўажландырыўдың 2021-2023-жылларға мөлшерленген» стратегиясы тастыйықланып, усы стратегия шеңберинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде 2021-жылғы бағдарлама тийкарында, 46,8 млрд. сумлық 16 ирригация объектлеринде 44,3 километр узынлықтағы каналларда қурылыс ҳәм реконструкциялаў жумыслары, 56,2 млрд. сумлық 27 мелиорация объектлеринде 28,5 километрлик узынлықтағы коллекторларда қурылыс ҳәм реконструкциялаў жумыслары алып барылды.
Онда, 1,5 млн. м3 топырақ, 8,1 мың м3 бетон ҳәм 12,4 мың м3 тас жумыслары алып барылып, бул жумысларға 81 экскаватор, 26 бульдозер, 73 басқа техникалар ҳәм 322 жумысшы хызметкерлер қатнастырылды.
Әмелге асырылған жумыслар нәтийжесинде 24 мың гектар майданның суў тәмийнаты жақсыланып, 17 мың гектар майданның мелиоративлик жағдайы жақсыланыўына ерисилди.
Буннан тысқары, эксплуатация қаржылары есабынан 4 млрд. 593 млн. сумлық 617 километрлик магистрал ҳәм хожалықлар аралық каналларда тазалаў, 983 млн. сумлық 521 гидротехникалық қурылмалар ҳәм 261 гидропостларда оңлаў жумыслары алып барылды.
Соның менен бирге, суў тутыныўшылар бирлеспелери (СИУ), кластерлер ҳәм фермер хожалықларының өз қаржылары есабынан 4528 километрлик узынлықтағы ишки суўғарыў тармақларының 2859 километрлик бөлегинде механизмлер жәрдеминде, 1669 километрлик бөлегинде қол күшиниң жәрдеминде қазып тазалаў ҳәм оңлаў-тиклеў жумыслары әмелге асырылды.
Сондай-ақ, Суў хожалығы министрлигине қараслы насос станцияларындағы ески насос агрегатлар ҳәм электродвигательлер орнына жаңадан 11 дана насос агрегатлары ҳәм 14 дана электродвигательлер орнатылды.
Нәтийжеде электродвигательлер есабынан 0,10 млн. кВт. саат электр энергиясын үнемлеўге ерисилди.
2021-жылда суў хожалығында заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў мақсетинде насос станциялары ҳәм энергетика басқармаларына қараслы 65 дана насос стацияларында электр энергия ҳәм суўдың жумсалыўын «онлайн» режиминде қадағалаў үскенелери орнатылды.
Ирригация тармақларында суў ресурсларынан пайдаланыўды санлы технологиялар жәрдеминде «онлайн» режиминде қадағалаў мақсетинде жәми 228 дана арнаўлы қурылмалар магистрал каналларға орнатылып, мелиоративлик бақлаў қудықларын автоматластырылған мониторинг системасына өткериў мақсетинде мелиоративлик бақлаў қудықларына жәми 320 дана «дайвер» үскенелери орнатылды.
Сондай-ақ, «Сүўенли» ирригация тармақларына қараслы «Сүўенли» каналынан суў алатуғын «Қундызлы» ҳәм «Бирлик» каналының бас қурылмаларына автоматластырылған басқарыў системасы орнатылды.
- Айтқаныңыздай, жаңа автоматластырылған қурылмаларды суўшы қәнигелердиң ислетиўи қандай болады, олар бул технологияларды басқарыў ҳәм мағлыўмат алыўды өзлестирип атыр ма?
– Бул үскенелерден пайдаланыўда суў хожалығы қәнигелериниң тәжрийбесин арттырыў мақсетинде тәжрийбели оқытыўшылардың қатнасыўында оқыў семинарлар шөлкемлестирилип, 200 ден аслам суў хожалығы тараўында ислейтуғын қәнигелердиң билим ҳәм тәжирийбелери арттырылып, сертификатлар берилди.
Буннан тысқары, суў хожалығында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик принциплери тийкарында жойбарларды әмелге асырыў мақсетинде 25 суў хожалығы объектлери мәмлекетлик-жеке меншик шерикликке берилди.
- Суў хожалығы объектлерине сырт ел инвестицияларын тартыў мәселелери ҳәм әмелге асырылып атырған жумыслар…?
– 2015-2022-жылларда суў хожалығы тараўында шет ел инвестициялары есабынан қубла районларда жәми 100 мың гектар суўғарылатуғын жерлерде суў ресурсларын басқарыўды жақсылаў мақсетинде жойбар баҳасы 376,7 млн. долларлық ирригация тармақларында қурылыс ҳәм реконструкциялаў жумысларын алып барыў режелестирилип, бүгинги күнге шекем 150,3 млн. долларлық ирригация объектлеринде қурылыс-оңлаў жумыслары әмелге асырылды.
Соның ишинде, өткен 2021-жылдың өзинде Төрткүл, Елликқала ҳәм Беруний районларында 56,3 млн. долларлық 14 ирригация объектлеринде қурылыс ҳәм оңлаў жумыслары алып барылды.
Онда 12 млн. 699,7 мың м3 топырақ жумыслары, 84,5 мың м3 бетон жумыслары әмелге асырылып, жаңадан 319 дана гидротехникалық курылмалар қурылып, 7800 гектар майданда лазерли тегислеў ҳәм 7510 гектар майданда терең жумсартыў жумыслары алып барылды.
- 2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясын «Инсан қәдирин улығлаў ҳәм белсенди мәҳәлле жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы быйылғы Мәмлекетлик Бағдарламаға муўапық суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў бойынша қандай илажлар әмелге асырылмақта?
- Мәмлекетлик Бағдарламаның 145-бәнтинде суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў есабынан кеминде 534 млн.3 метр суўды үнемлеў бойынша ўазыйпалар белгиленген. Усы бағдарда министрлик ҳәм оған қараслы бөлимлер тәрепинен тийисли илажлар әмелге асырылмақта.
Суўдың там-тарыслығын суўды үнемлеўши технологияларды енгизиў ҳәм жерлерди лазерли үскенелер жәрдеминде тегислеў есабынан 250 млн.м3, ирригация илажларын әмелге асырыў есабынан 80 млн.м3, қосымша агротехникалық илажларды әмелге асырыў есабынан 172 млн.м3 ҳәм гидроқурылмаларды автоматластырыў илажлары есабынан қаплаў режеси ислеп шығылды.
Суўды үнемлеўши технологияларды енгизиў ҳәм ирригация-мелиорация илажларын әмелге асырыў есабынан суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў бойынша февраль айында бағдарлама ислеп шығылды.
- Быйылғы жылдың биринши шерегинде ирригация ҳәм мелиорация объектлерин реконструкциялаў, тараўға санлы технологияларды енгизиў жумыслары қай дәрежеде?
– Қарақалпақстан Республикасында 2022-жылға орайластырылған дәреклер есабынан мелиоративлик объектлерди қурыў ҳәм реконструкциялаўда 12 объектте жәми 135 километрлик узынлықтағы 37 млрд. 895 млн. сумлық коллекторларды қурыў ҳәм реконструкциялаў жумыслары жобаластырылды. Әмелде 346 млн. сумлық 5 километрлик узынлықтағы коллекторларды қурыў ҳәм реконструкциялаў жумыслары алып барылды. Мелиоративлик объектлерде ремонтлаў, қайта-тиклеў жумысларында 16 объектте жәми 1145 километрлик узынлықтағы 41 млрд. сумлық коллектор тармақларын ремонтлаў ҳәм қайта тиклеў жумыслары жобаластырылды. Әмелде 2 млрд. 70,6 млн. сумлық 11,9 километр узынлықтағы ремонтлаў, қайта-тиклеў жумыслары алып барылды. Ирригация объектлеринде қурыў ҳәм реконструкция жумысларында 18 объектте жәми 49 млрд. 575 млн. сумлық 91,6 километр узынлықтағы каналларды қурыў ҳәм реконструкциялаў жумыслары жобаластырылды. Әмелде 17 млрд. 742 млн. сумлық 20,1 километрлик каналларды қурыў ҳәм реконструкциялаў жумыслары алып барылды.
Соның менен бирге, тазадан басланатуғын жойбар объектлериниң смета ҳүжжетлери ислеп шығылып, мәмлекетлик экспертиза жуўмақлары алынған. Ҳәзирги күнде ирригация ҳәм мелиорация объектлерин қурыў ҳәм реконструкциялаў бойынша 5 ирригация, 11 мелиорация объектлери бойынша тендерге дағаза берилип, 10 мелиорация объектлери ҳәм 4 ирригация объектлеринде жеңимпаз жаллаўшы шөлкемлер анықланды.
Республика бойынша жәми 735 суў хожалығы объектлерине заманагөй санлы технологияларды, соннан суў ресурсларын онлайн қадағалаў мүмкиншилигин беретуғын 341 дана «Ақыллы суў», 270 дана мелиоративлик бақлаў қудықларында жер асты суўларының қәддин ҳәм олардың минералласқанлық көрсеткишлери мониторингин жүргизиў мүмкиншилигин беретуғын “Diver” қурылмаларын орнатыў ҳәм 1 дана ири объекттиң басқарыўын автоматластырыў, сондай-ақ, 123 дана насос станцияларында суўдың жумсалыўын онлайн қадағалаўға мүмкиншилик беретуғын қурылмаларды орнатыў режелестирилди.
Бүгинги күнде үсы қурылмаларды орнатыў графиклери ислеп шығылып, быйылғы жылдың аймақлық бюджет қәрежетлери сметасына қаржылар ажыратылды.
Жоқарыдағы илажлар нәтийжесинде 250 млн. м3 суў ресурсларын үнемлеў күтилмекте.
– Билемиз ҳәзирги күнде суў хожалығында бир неше мәмлекетлик бағдарламалар ҳәм қарарларда белгиленген ўазыйпалар бойынша жумыслар алып барылмақта. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 24-февральдағы (ПҚ-5005-санлы) қарары менен Өзбекстан Республикасында суў ресурсларын басқарыў ҳәм ирригация секторын раўажландырыўдың 2021-2023-жылларға мөлшерленген Стратегиясы шеңберинде әмелге асырылатуғын алдағы ўазыйпалар нелерден ибарат?
– Быйыл 77,6 километрлик узынлықтағы каналларда, 4 гидротехникалық қурылмаларда, 95,9 километрлик коллеторларда қурылыс ҳәм реконструкциялаў, 1250 километрлик мелиорация тармақларында оңлаў ҳәм тиклеў жумысларын алып барыў режелестирилген. Суў хожалығы мәкемелери есабындағы 623,7 километрлик каналларды тазалаў, 241 дана гидротехникалық қурылмаларды ҳәм 299 дана гидропостларды оңлаў, 13 дана ески насослар ҳәм 38 дана электродвигательлерди жаңадан алмастырыў, сондай-ақ, ирригация системасында суў ресурсларынан пайдаланыўды санлы технологиялар жәрдеминде «онлайн» режиминде қадағалаў мақсетинде 341 дана арнаўлы қурылмаларды орнатыў (10,2 млрд. сум) режелестирилмекте.
Мелиоративлик бақлаў қудықларын автоматластырылған мониторинг жүргизиў мақсетинде 270 дана арнаўлы қурылмалар орнатылыўы, 17 мың 422 гектар майданда аўыл хожалығы егинлерин суўғарыўда суўды үнемлеўши технологияларды енгизиў, 15 мың 907 гектар аўыл хожалығында пайдаланыўдан шығып кеткен майданларды қайта пайдаланыўға киргизиў ўазыйпалары белгиленген.
Бул илажлардың әмелге асырылыўы нәтийжесинде егислик майданлардың суў тәмийнаты, мелиоративлик жағдайы және де жақсыланыўы, 2,6 млн. кВт. cаат электр энергиясының үнемлениўи күтилмекте.
- Аралбойы суў жетиспеўшилиги аймақларының бири. Суўдың жетиспеўшилигин жумсартыў бағдарында 2022-жылда қандай илажлар әмелге асырылмақта?
– Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 1-марттағы
ПҚ-144-санлы қарарына муўапық республикамызда 2022-жылда жәми 17422 гектар майданда, соннан 15418 гектар майданда тамшылатып суўғарыў, 1904 гектар майданда жаўынлатып суўғарыў ҳәм 100 гектар майданда дискретли суўғарыў технологиясын енгизиў режелестирилди.
Әмелде талапкерлер менен қурыўшы кәрханалар арасында 12000 гектар пахта майданларында тамшылатып суўғарыў технологиясын енгизиў бойынша шәртнамалар дүзилип, соннан 5109 гектар майдан (2191 гектар банк кредити ҳәм 2918 гектар талапкерлердиң өз қаржылары есабынан) қаржыландырылды.
Бүгинги күнде қаржыландырылған майданларда қурылыс жумыслары басланып, 3572 гектар жер ушын 155 дана ҳәўиз қазыў жумыслары ҳәм 780 гектар жер ушын 28 дана насос-фильтр қурылмаларын орнатыў жумыслары әмелге асырылды. Соның менен бирге, Төрткүл районындағы пахта майданларына тамшылатып суўғарыў шлангаларын қарықларға жайыў ҳәм орнатыў жумыслары басланды.
Жаўынлатып суўғарыў технологиясын енгизиў бойынша талапкерлер менен қурыўшы кәрханалар арасында 1904 гектар бийдай майданлары ушын шәртнамалар дүзилип, соннан 1176 гектар майдан (1110 гектар банк кредити ҳәм 57 гектар талапкерлердиң өз қаржылары есабынан) қаржыландырылды.
Бүгинги күнде 1362 гектар майданда үскенелер алып келинип, 1084 гектар майданда қурылыс жумыслары толық алып барылып, технологиялар иске түсирилген.
Шынында да ҳәзирги ўақытта суўды үнемлеп пайдаланыў, аўыл хожалығын раўажландырыўда, халқымызды азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеўде әҳмийетли мәселелердиң бири болып турыпты.
Республикамыз районларында есап-cанақларға бола аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўде быйылғы жылдың вегетация дәўири ушын 4 млрд. 356 млн.м3 суўға талап болып, әмелде суўдың жетиспеўшилиги себепли 3 млрд. 838 млн.м3 лимит ажыратылған. Усы дәўирде республика бойынша жәми 518 млн.м3 суўдың там-тарыслығы күтилмекте.
Сонлықтан, суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў мәселеси мәмлекетлик бағдарламаларда да әҳмийетли мәселе сыпатында қаралып, оған үлкен итибар қаратылмақта.
Ә.Жиемуратов сәўбетлести,
Қарақалпақстан хабар агентлиги