19-май күни БРИКСке ағза мәмлекетлер (Бразилия, Россия, Ҳиндстан, Қытай, Қубла Африка) сыртқы ислер министрликлери  басшыларының видеоконференция форматында ушырасыўы болып өтеди. Бул ҳаққында Қытай сыртқы ислер министрлигиниң рәсмий ўәкили Ван И мәлим етти, – деп жазады «АРМЕНПРЕСС»

Дипломатлардың атап өтиўинше, мәжилиске Қытай Халық Республикасы мәмлекетлик кеңеси ағзасы, сыртқы ислер министри Ван И басшылық етеди. Илажға Россия тәрепинен Сергей Лавров қатнасады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги