Қарақалпақ мәмлекетлик қуўыршақ театры ушын быйылғы жыл әўметли басланды. Жақында театрға «Дамас» автомобили тапсырылды ҳәм театр залына жақтыландырыўшы ҳәм даўыс күшейттириўши үскенелер алып келинип орнатылды.
Балалардың сүйикли дәргайына айланған Қуўыршақ театры жәмәәти ҳәр жылы балаларымыз ушын өзлериниң бири-биринен әжайып спектакллери менен қатнасып келмекте.
Усы жылы театрдың репертуарынан «Қызыл қалпақша» (Шарль Перро), қарақалпақ халық дәстаны «Қырқ қыз» дәстаны тийкарында саҳналастырылған «Салақбайдың мүлклери» (Б.Ерназаров), «Батыр ҳаққында ертек» (Ж.Хожанов) спектакллери орын алған.
– Президент Шавкат Мирзиёевтың Өзбекстан дөретиўши-зыялылар ўәкиллери менен ушырасыўындағы видеоселекторда шығып сөйлегени биз дөретиўши инсанлар ушын үлкен жуўапкершилик жүкледи, – дейди театр директоры Махмуд Айтниязов. Театр жәмәәти өткен жылдың 20-24-ноябрь күнлери Самарқанд ўәлаятында гастроль сапарында болған болса, усы жылдың 5-10-март күнлери аралығында Сурхандәрья ўәлаятында болыўы күтилмекте. Гастроль сапарына барыў ушын театрдың дөретиўшилик топары таярлық жумысларын баслап жиберген.
Март айында театр жәмәәти балаларға Бекназар Ерназаровтың «Салақбайдың мүлклери» спектаклиниң премерасын сахналастырыўды режелестирген.
Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы