Халқымыздыӊ уллы жазыўшы ҳәм шайырлары Төлепберген Қайыпбергенов ҳәм Ибрайым Юсуповтыӊ туўылған күнлерине арналған әдебий-саз-сәўбетли кешелер республикамыздыӊ барлық орынларында болғаны сыяқлы Нөкис районында да кеӊ түрде белгиленбекте.

Атап айтқанда, районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 18-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде де Өзбекстан Қаҳарманлары Т.Қайыпбергенов ҳәм И.Юсуповтыӊ туўылған күнине бағышланған «Сөнбес жулдызлар» атамасындағы әдебий кеше болып өтти.

Кешеге мектеп жәмәәти ҳәм оқыўшылары қатнасты.

Онда мектеп директоры О.Шерназаров, директордыӊ руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары Ғ.Досымбетова, қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими Ш. Майлыбаевалар шығып сөйлеп, бул еки уллы тулғаныӊ миллий әдебиятымыздағы тутқан орны ҳәм дөретиўшилиги ҳаққында илаж қатнасыўшыларына түсиниклер берди.

Буннан соӊ әдебият ҳәм көркем өнерге қызығыўшы оқыўшылар тәрепинен шайыр И.Юсуповтыӊ  қосықлары,  Т.Қайыпбергенов шығармаларынан үзиндилер келтирилип, сахналық көринислер қойып берилди.

Өткерилген әдебий кеше оқыўшыларда жақсы тәсирлер қалдырды.

Гүлжайна Жамалатдинова,

Нөкис районлық ХББ қараслы 18-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниӊ 11-класс оқыўшысы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги