Президент Шавкат Мирзиёев 8-апрель күни Ташкент қаласы Алмазар районында алып барылып атырған дөретиўшилик ҳәм мәҳәлләлерди абаданластырыў жумыслары менен танысты.
2018-жыл 15-июнь, Рамазан хайыты күни Президентимиз Ислам цивилизациясы орайының ирге тасын қойған еди. Бүгинги мүбәрек Рамазан күнлеринде мәмлекетимиз басшысы усы комплекске және барды.
Бул орай ҳәм саўлаты, ҳәм мазмуны жағынан үлкен жойбар. Оның қурылысы дерлик төрт жыл даўам етпекте. Копмлекс үш қабатлы болып, ески тарийхый орынларымыз тәризинде қурылған. Имарат орайында үлкен гүмбез, төрт тәрепинде симметриялық фасадлар қурылған. Бүгинги күнде пардозлаў жумыслары алып барылмақта.
Президент Шавкат Мирзиёев бул жумысларды көзден өткерди. Имаратты пардозлаўда әййемги медреселеримиздеги белгилер ҳәм ыссы реңлерден пайдаланылмақта.
Мәмлекетимиз басшысы комплексти шырайлы ҳәм сапалы етип қурыў менен бирге мазмунына айрықша итибар қаратыў зәрүр екенин атап өтти.
– Бүгин, мүбәрек Рамазан айында, жума күнинде бул жерге келиўимиз бийкарға емес. Бундай уллы байрам күнлеринде етилген нийетлер әмелге асады. Соңғы жылларда аўыр сынақлардан өттик. Бирақ бул жерде жумыс тоқтағаны жоқ. Не ушын буны қурып атырмызЎ Халқымыздың дүньяға көзқарасын, мақтанышын көтериў, қандай уллы мәмлекет екенимизди исенимли дәлийллер менен көрсетиў ушын, – деди Шавкат Мирзиёев.
Ислам цивилизациясы орайы халқымыздың руўхый қүдиретин көрсететуғыны атап өтилди.
– Өткен жылы Қащқадәрьяда «Өзбекстан GTL» заводын ашып, пүткил дүньяға мәмлекетимиздиң экономикалық қүдиретин көрсеттик. Бул орай халқымыздың руўхый ҳәм ағартыўшылық қүдиретиниң тымсалы болып қалады, – деп атап өтти Президент.
Мәмлекетимиз басшысы дийўаллардағы безеў ҳәм жазыўлардың үлгилери менен танысты. Дәрўазалардың төбесине тынышлық, илим, әдеп-икрамлылыққа шақыратуғын аятлардан жазыў мақсетке муўапық екенин айтты.
Ислам цивилизациясы орайының структуралық бөлимлери ҳаққында мағлыўмат берилди. Биринши қабатта музей қоймаханасы, ески қолжазбаларды сақлаў ҳәм реставрациялаў ханалары, баспа ҳәм китап дүканлары жайласады.
Екинши қабат комплекстиң тийкарғы көргизбе майданы болады. Бул жердеги Ислам тарийхы музейи 9 бөлимнен ибарат болады. Имараттың орайында 65 метр бийикликтеги гүмбез астында Ислам дүньясының дүрданасы есапланған Усман Қуран китабы қойылады. Бул залдың әтирапында және 8 – «Исламнан алдынғы дәўирде Орайлық Азия», «Исламның Орайлық Азияға таралыўы», «Билимлендириў», «Илим», «Архитектура ҳәм қала қурылысы», «Көркем өнер ҳәм көркем өнерментшилик», «Дәстүрлер» ҳәм «Үшинши ренессанс – Жаңа Өзбекстан» бөлимлери жайласады.
Сондай-ақ, бул қабатта 550 адамға мөлшерленген конференция залы болады.
Президентимиз «Илим» бөлимин көзден өткерди. Улама ата-бабаларымыздың мийрасын кеңнен ҳәм тәсиршең үгит-нәсиятлаў бойынша усыныслар берди.
Мәмлекетимиз басшысы үшинши қабатқа шығып, китапхана, Ислам академиясы илимий кафедралары ҳәм ҳәкимшилик ханалардың үлгилерин де көрди.
Президентимиз Шавкат Мирзиёев Алмазар районындағы Университет мәҳәллесине барды.
Социаллық бағдарламаларды мәҳәлле кесиминде әмелге асырыў – мәмлекетимиз басшысының ең баслы талабы. Университет мәҳәллесинде де жумыс усы тәртипте шөлкемлестирилген. Пуқаралар жыйнының имараты заманагөй оңланған. Турақ жайлардың ҳәўлиси, майданшалар абат етилип, ишки жоллар бетон менен тегисленген, 700 метр узынлықтағы велосипед жоллары қурылған.
Бизге белгили, өткен жылы ноябрьде «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары жәрияланған еди. Мәмлекетимиз басшысы бул процессте терек нәллерин егиў менен бирге мәҳәллелерде галереялы көшелер шөлкемлестириў зәрүр екенин айтты. Соған муўапық, Университет мәҳәллесинде 750 километр узынлықтағы тирепбердилер орнатылып, жүзим нәллери егилген. Көп қабатлы турақ жайлар алдындағы майданларға райхан, мирабилис сыяқлы гүллер жетистирилмекте.
Университет мәҳәллесинде 4 мыңнан аслам халық жасайды. 19 көп қабатлы турақ жайдың келбети, жоллары жақсыланды. Бул жерде 150 орынға ийе жеке меншик мектеп те бар. Оннан аслам киши бизнес кәрханасында жергиликли жаслар ҳәм ҳаял-қызлар жумыс ислемекте.
Президентимиз мәҳәлледе орынланған жумысларды көзден өткерди. Мәҳәлле белсендилери, нуранийлар менен сәўбетлести.
– Сизлерди бәринен бурын Рамазан айы менен, мәҳәллеңиз сондай абат болғаны менен қутлықлайман. Бул бираз ҳәрекет етсе, басшылар төмен түсип жумыс ислесе, нәтийже болыўының бир мысалы. Бурын мәҳәллениң атамасы бар еди, ҳәким жақса сөйлесетуғын еди. Ҳәзирги ўақытта ҳәмме системаны мәҳәлледе жәмлестирип атырмыз. Не ушынЎ Ҳәр бир шаңараққа, ҳәр бир инсанға жетип барыў ушын. Бундай жумыслар ҳәмме мәҳәлледе тезирек болыўын қәлер едим, – деди Шавкат Мирзиёев.
Өткен жылы Ташкент қаласындағы 579 мәҳәллеге 2 миллиард сумнан берилген еди. Усы жылы да және сонша қаржы бағдарланғаны мәлим етилди.
Мәмлекетимиз басшысы мәҳәлледеги «Алмазар холдинг гранд» басқарыў сервис компаниясының жумысы менен де танысты.
Көп орынларда болғаны сыяқлы Университет мәҳәллесинде де коммуналлық хызмет көрсетиўде машқалалар бар еди.
2021-жыл 19-июньде Өзбекстан Президентиниң «Көп квартиралы турақ жайларды басқарыў системасын буннан былай да жетилистириў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилген еди. «Алмазар холдинг гранд» компаниясы усы имканиятлар нәтийжесинде шөлкемлести. Оның еки қабатлы имаратында қолайлы шараятлар жаратылған.
Компания 7 мәҳәлледеги 103 көп қабатлы турақ жайға хызмет көрсетеди. Алдын бул турақ жайларға 27 ширкет қараған. Оларда директордан басқа қәниге, арнаўлы техника болмаған. Ҳәзирги ўақытта сервис компаниясында 70 турақлы жумыс орны жаратылған. Арнаўлы техникалар сатып алынған. Компания имаратында коммуналлық хызметлер бойынша оқыў орайы да ашылған.
Есап-санақларда биллинг системасы жолға қойылған. Халыққа қолайлық жаратыў мақсетинде «Мениң үйим» мобил қосымшасы енгизилген.
Буннан тысқары, басқарыў компаниясы имаратындағы қосымша ханалар ҳәм көп қабатлы турақ жайлардың биринши қабатының астындағы жайларда 30 ға шамалас турмыслық хызметлер шөлкемлестирилген. Президентимиз бул шақапшаларды да кирип көрди.
Бул жерде Ташкент қаласының районларында шөлкемлестирилетуғын басқарыў сервис компаниялары бойынша презентация өткерилди.
Президент Шавкат Мирзиёев Алмазар районындағы 102-санлы әззи еситетуғын балалар ушын қәнигелестирилген мектеп-интернатын барып көрди.
Бул билимлендириў мәкемеси 1996-жылы дүзилген болып, 2016-жылы капитал оңланған. Ҳәзирги ўақытта бул жерде 221 оқыўшы тәрбияланбақта. Оларға жоқары мағлыўматлы дефектолог ҳәм тәрбияшылар сабақ бермекте. Өткен жылы 21 питкериўшиден үшеўи жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға кирген.
Мектеп-интернатта 4 оқыў имараты, 280 орынлық жатақхана, асхана, китапхана, спорт зал, белсендилер залы бар.
Мәмлекет басшысы оқыўшылар менен сәўбетлести. Тәрбияланыўшылардың оқыў процесин көзден өткерди.
Ташкент қаласы ҳәкимлигине мектеп-интернаттың асханасы ҳәм технология ханаларын оңлаў, спорт комплекси ҳәм өндирис устаханасын шөлкемлестириў бойынша тапсырма берди.
Халық билимлендириў министрлигине «Замин» қоры менен бирге 2 мың 600 ден аслам әззи еситетуғын балаларды медициналық тексериўден өткерип, оларды еситиў қурылмалары менен тәмийинлеў, еситиў қәбилети тикленген балаларды басқышпа-басқыш улыўма билим бериў мектеплерине өткериў ўазыйпасы қойылды.
Буннан кейин мектеп-интернатта елимиздеги усындай социаллық мәкемелердеги шараятларды жақсылаў бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.
Президент Шавкат Мирзиёев сөзиниң басында Қураны кәримниң «Раҳман» сүресиндеги «Жақсылықтың сыйлығы тек ғана жақсылық болып есапланады», деген аятты еске алды.
Кекселерге ҳүрмет, мүтәжлерге мийрим-шәпәәт көрсетиў халқымыздың қанына сиңип кеткен. Пандемия дәўиринде «Сақаўат ҳәм жәрдем» улыўма халықлық ҳәрекети кеңнен тарқалып, елимиз мүтәжлерине бийғәрез жәрдем бериў, кейин ала да сынақларды аўызбиршилик пенен жеңип өткени буның айқын мысалы болды.
Инсан қәдирин улығлаў, меҳир ҳәм жәрдемге мүтәж халықты қоллап-қуўатлаў мәмлекетимиздиң социаллық сиясатының әҳмийетли бағдары. Бул бағдарда оғада көп ийгиликли жумыслар исленбекте.
Өткен жылы 25-мартта қабыл етилген Президент пәрманы тийкарында кекселер ҳәм майыплығы болған шахсларды социаллық қоллап-қуўатлаў, «Сақаўат» ҳәм «Мүриўбет» үйлери, ветеранлардың санаторий ҳәм пансионатлары, басқа да бир қатар медициналық-социаллық мәкемелер оның қарамағына өткерилди.
«Сақаўат», «Мүриўбет» үйлери, Республикалық ветеранлар пансионатының басшы ҳәм шыпакерлериниң мийнет ҳақысы 1,5 есеге, киши ҳәм орта медицина хызметкерлериниң мийнет ҳақысы 2 есеге арттырылды.
Бул интернат үйлеринде жасайтуғын 9 мың 400 кекселер ҳәм майыплығы болған шахслар ҳәм 18 мың жалғыз баслы пуқаралар медициналық тексериўден өткерилди.
«Замин» қоры менен биргеликте әззи еситетуғын 2 мыңнан аслам балалар санлы еситиў қурылмалары менен тәмийинленди, 11 қәнигелескен мектеп-интернат жәрдемши даўыс-сөз қураллары менен тәмийинленди. Майыплығы болған 900 бала протез-ортопедия қурылмалары, 1 мың 100 шахс пультли арбашалар менен тәмийинленди.
Мәжилисте ўәлаят ҳәкимлери өз аймағындағы медициналық-социаллық мәкемелерге барып, ол жердеги жағдайды өз көзи менен көргени, машқалаларды үйренгени ҳаққында мәлимлеме берди.
Соның ишинде, 12 «Сақаўат» ҳәм «Мүриўбет» үйинде қосымша имарат, жетеўинде жатақхана, асхана, медициналық бөлим, спорт залын қурыў, 21 инде имаратлар ҳәм ысытыў-суўытыў системасын оңлаў зәрүр екени атап өтилди. Сондай-ақ, 6 «Меҳрибанлық үйи», имканияты шекленген балаларға қәнигелескен 11 мектеп-интернаты оңлаўға мүтәж.
Президент жуўапкерлерге барлық медициналық-социаллық мәкемелердиң жағдайын және бир мәрте терең үйренип, зәрүр қурылыс ҳәм оңлаў жумысларын қамтып алған ҳалда 2022-2024-жылларға мөлшерленген ҳүкимет қарары жойбарын таярлаўды ўазыйпа етип қойды.
Бундай мәкемелердеги кекселер, майыплығы болған балалар ҳәм шахсларды толық медициналық тексериўден өткерип, оларды мәнзилли емлениўге ҳәм дем алыўға бағдарлаў бойынша тапсырма берилди.
Ата-анасынан айырылған көплеген балалар шаңарақларға қайтып атырғаны, 10 меҳрибанлық үйи, 3 балалар қалашасы ҳәм 2 балалар үйи мүтәжлик қалмағаны себепли жабылғаны атап өтилди.
– Балалар үйлери ҳәм олардағы жетимлер санының азайғаны халқымыздың жоқары мәнаўияты, ийман-инсабын көрсетип тур. Бирақ, мәмлекетимизде улыўма жетимлер болмаса, жақсы болар еди. Соның ушын, имканияты болғанша оларды мүнәсип шаңарақларға перзентликке бериў илажларын көриў керек, – деди Шавкат Мирзиёев.
Медициналық-социаллық мәкемелердиң директорлары шығып сөйлеп, пикир-усынысларын билдирди.
Мәжилисте мәҳәллелерди азада ҳәм жасыл мәканға айландырыў, руўхый-ағартыўшылық илажларды көбейтиў ўазыйпалары да белгиленди.
Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,
Абдулазиз МУСАЕВ,
ӨзАның хабаршылары