Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 8-апрель күни Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров пенен телефон арқалы сөйлести.

Мәмлекет басшылары муқаддес рамазан айы басланғаны менен бир-бирин қызғын қутлықлап, дос Өзбекстан ҳәм Қырғызстан халықларына тынышлық-татыўлық, абаданлық ҳәм раўажланыў тиледи.

Мәмлекетлеримиз арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеў, әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша алдын ерисилген келисимлер әмелге асырылыўының барысы толық додаланды.

Өз-ара пайдалы бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарларын әмелге асырыўға, соның ишинде, Өзбекстан-Қырғызстан раўажланыў қорының жумысын баслаў, Қамбарата 1-гидроэлектр станциясы ҳәм «Қытай-Қырғызстан-Өзбекстан» темир жолын қурыў бойынша инфраструктуралық жойбарларды жеделлестириў, санаат кооперациясын кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды.

Мәдений-гуманитарлық тараўдағы нәтийжели алмасыўлар ҳәм биргеликтеги бағдарламалардың әмелге асырылып атырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Қабыл етилген қарарларды сөзсиз орынлаў мақсетинде ҳүкиметлер дәрежесинде жедел сөйлесиўлерди даўам еттириўге келисип алынды.

Мәмлекет басшылары болажақ жоқары дәрежедеги ушырасыўлар режесин көрип шықты. Регионаллық күн тәртибиниң әҳмийетли мәселелери бойынша пикир алысылды.

Өзбекстан Республикасы ҳәм Қырғыз Республикасы Президентлериниң телефон арқалы сөйлесиўи әддеттегидей ашық, исенимли ҳәм дослық руўхында болып өтти.

ӨзА