Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Мәмлекетимизде кейинги жылларда жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў системасын жетилистириў тараўында кең көлемли шөлкемлестириўшилик-әмелий жумыслар әмелге асырылды.

Соның менен бирге, көрилип атырған илажларға қарамастан, өлимге алып келген жол-транспорт ҳәдийселериниң саны еле де жоқары болып, автомобиль жолларында қәўипсизликти тәмийинлеў системасын түп-тийкарынан реформалаў зәрүр екенин көрсетпекте.

Соның ишинде, жол инфраструктурасын ҳәрекет қәўипсизлигин тәмийинлеўдиң заманагөй талапларына толық муўапықластырыў, усы тараўдағы қағыйда бузыўшылықлардың ерте профилактикасына бағдарланған нәтийжели системаны жолға қойыў, сондай-ақ, инсан факторына бурынғысынан басқаша тәризде санлы технологияларды кеңнен енгизиў талап етилмекте.

2022-2025-жылларда Өзбекстан Республикасында жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў системасын раўажландырыў стратегиясына муўапық, сондай-ақ, Жаңа Өзбекстан шараятында автомобиль жолларында инсанның өмири ҳәм денсаўлығын ҳәр қандай ҳәдийселерден кепилликли қорғаў мақсетинде:

  1. Төмендегилер мәмлекетимизде жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеўдиң әҳмийетли бағдарлары етип белгиленсин:

автомобиль жоллары инфраструктурасын жетилистириў ҳәм олардың сапасын жақсылаў, жол ҳәрекети қатнасыўшыларының «пияда – жәмийетлик транспорт – велотранспорт – автотранспорт» үстинлиги тийкарында қәўипсиз ҳәрекетлениўи ушын исенимли шараятлар жаратыў;

айдаўшыларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў системасына инновациялық педагогикалық технологияларды енгизген ҳалда, оқыў процесин сапа жағынан жаңа басқышға алып шығыў;

айдаўшы ҳәм пиядалардың жол ҳәрекети қағыйдаларына әмел етиў мәдениятын арттырыў, ҳәр қандай қағыйданы бузыў ушын жаза тайынланыўын тәмийинлеў;

жол ҳәрекети қағыйдалары тийкарларын бала ўақтынан сиңдириўди жолға қойыў, бул әмелиятты мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери ҳәм улыўма билим бериў мектеплеринде енгизиў;

жол ҳәрекетин шөлкемлестириўди толық санластырыў, алдынғы мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизген ҳалда, жаңа басқарыў ҳәм қадағалаў системаларын енгизиў.

  1. Жол ҳәрекети қағыйдаларына сөзсиз әмел етилиўин тәмийинлеў ҳәм оларды қайтадан бузыў жағдайларының алдын алыў мақсетинде 2022-жыл 1-декабрьден баслап төмендеги тәртипти нәзерде тутатуғын айдаўшыларға жол ҳәрекети қағыйдасын бузғаны ушын жәрийма балларын есаплаў системасы енгизилсин:

ҳәр бир жол ҳәрекети қағыйдасын бузғаны ушын 12 ай даўамында өз алдына жәрийма баллары есаплап барылады;

есапланған жәрийма баллары белгиленген муғдардан артқан жағдайларда айдаўшы белгили бир мүддетке транспорт қуралын басқарыў ҳуқықынан орнатылған тәртипте айырылады;

белгили дәўир даўамында жол ҳәрекети қағыйдасын бузбаған айдаўшыларға кейин ала есапланған жәрийма балларын қысқартыў арқалы хошаметлеў илажлары қолланылады.

Ишки ислер министрлиги (П.Р.Бобожонов), Әдиллик министрлиги (Р.Қ.Давлетов) бир ай мүддетте алдынғы тәжирийбени есапға алған ҳалда, айдаўшыларға жол ҳәрекети қағыйдасын бузғаны ушын жәрийма балларын есаплаў системасын енгизиўди нәзерде тутатуғын нызамшылық ҳүжжетлери жойбарларын киргизсин.

  1. Айдаўшыларды таярлаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў ҳәм сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыў мақсетинде сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый түрине қарамастан, айдаўшыларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў жумысын әмелге асыратуғын барлық билимлендириў мәкемелери (кейинги орынларда – автомектеплер) имтихан орайларына жумысты әмелге асырыў ушын лицензия Ишки ислер министрлиги тәрепинен бериледи;

автомектеплердиң инновациялық педагогикалық технологияларға тийкарланған оқыў бағдарламаларын ислеп шығыў, сондай-ақ, олардың оқытыўшы, айдаўшы-инструктор ҳәм муғаллимлерди шәртнама тийкарында қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў жумыслары Ишки ислер министрлиги Академиясы тәрепинен әмелге асырылады.

Ишки ислер министрлиги (А.И.Икрамов, Б.Т.Абдуллаев):

бир ай мүддетте автомектеплер ҳәм имтихан орайларына қойылатуғын талап ҳәм нормаларды қайта көрип шығып, олардың оқыў жумысының сапасын арттырыўға қаратылған қатаң илажларды нәзерде тутатуғын Ҳүкимет қарары жойбарын киргизсин;

еки ай мүддетте Ишки ислер министрлиги Академиясында автомектеплердиң муғаллими, айдаўшы-инструктор ҳәм муғаллимлерди қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў курсларын шөлкемлестириўге байланыслы барлық зәрүр оқыў-методикалық ҳәм материаллық-техникалық базасын жаратсын.

Ишки ислер министри П.Р.Бобожоновқа автомектеплер ҳәм имтихан орайларының жумысы бойынша жаңадан енгизилип атырған системаны нәтийжели жолға қойыў ҳәм айдаўшыларды сапалы таярлаўды шөлкемлестириў бойынша жеке жуўапкершилик жүкленсин.

  1. а) Нөкис ҳәм Ташкент қалалары, ўәлаятлардың орайларында кесилиспелерди толық санлы басқарыў системасына өткериў бойынша жеке жуўапкершилик Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығы, Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимлерине жүкленетуғыны;

б) Нөкис ҳәм Ташкент қалалары, ўәлаятлар, район (қала)лардың орайларында жол белгилери, көрсеткишлери ҳәм светофорларды орнатыў, жол сызықларын сызыў, пиядалар өтиў орынларын белгилеў арқалы жол ҳәрекети қуралларын тәртипке салыўға ишки ислер уйымлары жол ҳәрекети қәўипсизлиги бөлимлери (кейинги орынларда – жол ҳәрекети қәўипсизлиги бөлимлери) жуўапкер есапланады;

в) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимликлери Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги (Ш.Х.Шерматов), Ишки ислер министрлиги (П.Р.Бобожонов) менен биргеликте еки ай мүддетте, соның ишинде, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында инвесторларды тартқан ҳалда, кесилиспелерде санлы басқарыў системасын төмендеги дәўирлерде енгизиў бойынша шөлкемлестириўшилик илажларды белгилейтуғыны:

2023-жылдың ақырына шекем пайтахттың барлық кесилиспелеринде, сондай-ақ, Нөкис қаласы ҳәм ўәлаятлар орайларының ири тийкарғы интенсив қатнаў кесилиспелеринде;

2024-жылдың ақырына шекем Нөкис қаласы ҳәм ўәлаятлар орайларының барлық кесилиспелеринде;

г) район (қала) ҳәкимликлерине өз аймақларындағы автомобиль жолларында жол ҳәрекети қағыйларының бузылыўын  жазып алатуғын арнаўлы автоматластырылған фото ҳәм видео программалық-техникалық қуралларды орнатыў ҳуқықы берилетуғыны. Бул программалық-техникалық қураллар арқалы жазып алынған қағыйда бузыўшылық ушын жәрийма суммасының 30 проценти тиккелей район (қала)лық жергиликли бюджетке бағдарланатуғыны ҳәм усы қаржылар жол ҳәрекетин санластырыў, жол инфраструктурасын раўажландырыў, сондай-ақ, жол-патруль хызмети хызметкерлериниң қосымша штатларын киргизиўге жумсалатуғыны белгиленсин.

Ишки ислер министрлиги (Б.Т.Абдуллаев) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери менен биргеликте бир ай мүддетте транспорт ҳәм пиядалар ағымы, пиядаларға байланыслы жүз берген жол-транспорт ҳәдийселерин таллаў тийкарында районлар ҳәм қалалардағы халқы тығыз аймақларда пиядалар өтиў орынларына пиядалар басқаратуғын светофорларды 2023-жылдың ақырына шекем орнатылыўын нәзерде тутатуғын мәнзилли бағдарламаны тастыйықласын ҳәм орынланыўын толық тәмийинлесин.

  1. Ишки ислер министрлигиниң төмендеги усыныслары мақуллансын:

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәкимликлериниң арнаўлы эксплуатациялаў-монтажлаў бөлимлери ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлигиниң Жол ҳәрекетин шөлкемлестириў орайын (кейинги орынларда – эксплуатациялаў-монтажлаў бөлимлери) еки ай мүддетте тийислисинше аймақлық ишки ислер уйымларының жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармаларының жанына өткериў;

ишки ислер министрине жол ҳәрекети қәўипсизлиги бөлимлерине бюджеттен тысқары қаржылар есабынан маман сырт ел қәнигелерин мәсләҳәтши сыпатында шәртнама тийкарында тартыў ҳуқықын бериў;

«Uzavtomotobelgi» мәмлекетлик унитар кәрханасында жол ҳәрекетин шөлкемлестириўдиң техникалық қуралларын ислеп шығарыўды жолға қойыў ҳәм усы тараўда бәсеки орталығын қәлиплестириў;

Ишки ислер министрлиги Жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызметиниң структурасында Жол инфраструктурасын қадағалаў басқармасын, аймақлық жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармаларының структураларында жол инфраструктурасын қадағалаў бөлимлерин ишки ислер уйымларының шекленген штат бирликлери есабынан шөлкемлестириў.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимликлери эксплуатациялаў-монтажлаў бөлимлерин жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармалары жанына өткериўде:

эксплуатациялаў-монтажлаў бөлимлериниң имарат ҳәм объектлерин, олардың тутас аймақлары, материаллық-техникалық базасын, соның ишинде, жаңа заманагөй арнаўлы техника менен тәмийинленген ҳалда тапсырыў илажларын көрсин;

эксплуатациялаў-монтажлаў бөлимлериниң кредитор ҳәм дебиторлық қарызларының төлениўин, гөнерген ҳәм жарамсыз жағдайға келген материаллық-техникалық қураллары есаптан шығарылыўын тәмийинлесин.

Ишки ислер министрлиги (Б.Т.Абдуллаев):

еки ай мүдетте эксплуатациялаў-монтажлаў бөлимлериниң жумысын тәртипке салыўшы Ҳүкимет қарары жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин;

эксплуатациялаў-монтажлаў бөлимлериниң тийисли имарат ҳәм объектлери, олардың тутас аймақлары, зәрүр материаллық-техникалық базасы менен тәмийинленген ҳалда қабыл етилиўин шөлкемлестирсин;

үш ай мүддетте эксплуатациялаў-монтажлаў бөлимлериниң жумысын сын көзқарастан қайта көрип шығып, жол ҳәрекетин шөлкемлестириўдиң техникалық қуралларын толық орнатыў ҳәм олардың турақлы жумыс ислеўин тәмийинлеў бойынша жаңа жумыс усылларын енгизсин.

Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов) бир ай мүддетте:

Ишки ислер министрлиги менен биргеликте эксплуатациялаў-монтажлаў бөлимлериниң баслықлары ҳәм олардың бир орынбасары лаўазымлары усы бөлимлердиң штат бирликлери есабынан офицерлик қурамдағы хызметкер лаўазымларына өзгертилиўин тәмийинлесин;

усы қарарға муўапық Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимликлери ҳәм Ишки ислер министрлигиниң қәрежетлер сметаларына тийисли өзгерислер киргизсин.

  1. 2022-жыл 5-апрельден баслап Ишки ислер министрлиги Жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызмети жанында юридикалық тәреп шөлкемлестирмеген ҳалда «Қәўипсиз жол ҳәм қәўипсиз пияда» республикалық қоры (кейинги орынларда – Қор) шөлкемлестирилсин.

Төмендегилер Қордың қаржыларын қәлиплестириў дәреклери етип белгиленсин:

1-қосымшаға муўапық муғдарларда жол ҳәрекетин шөлкемлестириў тараўында өндирилетуғын жәрийма, алынатуғын жыйым ҳәм төлемлер;

эксплуатациялаў-монтажлаў бөлимлери ушын ҳәр жылы бюджет параметрлеринде бағдарламалар тийкарында өз алдына илажлар ушын нәзерде тутылатуғын қаржылар;

Қордың ўақтынша бос турған қаржыларын коммерциялық банклерге депозит есап-бетлерине жайластырыўдан алынатуғын дәраматлар;

мәмлекетлик, сырт ел ҳәм халықаралық шөлкемлер тәрепинен ажыратылатуғын грантлар;

физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң қәўендерлик ҳәм қайырқомлық тәризиндеги қаржылары;

халықаралық финанс институтлары ҳәм банклер тәрепинен ажыратылатуғын кредитлер;

нызамшылық ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер.

Қордың қаржылары тек ғана төмендегилер ушын мақсетли жумсалатуғыны:

жол ҳәрекетин шөлкемлестириўдиң техникалық қураллары, олардың аўысық бөлеклери, орнатыў ушын белгиленген конструкция ҳәм қурылыс материаллары ҳәм арнаўлы бояўларды сатып алыў;

қалалар ҳәм басқа да елатлы пунктлердиң көшелеринде жол сызықларын сызыў, жол ҳәрекетин шөлкемлестириўдиң техникалық қуралларын орнатыў, алмастырыў, сақлаў, демонтажлаў ҳәм оларға техникалық хызмет көрсетиўди қаржыландырыў;

эксплуатациялаў-монтажлаў бөлимлериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, соның ишинде, заманагөй арнаўлы техника қураллары менен тәмийинлеў, олардың жумыс көлеминен келип шыққан ҳалда белгили мүддетке қосымша штатлар киргизиў, шәртнамалар тийкарында қәнигелерди тартыў, олардың хызметкерлери, жумысшы ҳәм хызметкерлери ушын ҳәр айлық ҳәм бир мәртелик хошаметлеў системасын енгизиў;

жол ҳәрекети қәўипсизлиги тараўындағы алдынғы сырт ел тәжирийбелерин үйрениў, жол инфраструктурасын раўажландырыў бағдарындағы жойбарларды қаржыландырыў;

мектепке шекемги билимлендириў ҳәм халық билимлендириў министрликлерине қараслы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери ҳәм улыўма орта билим бериў мәкемелериниң тәрбияланыўшы ҳәм оқыўшыларында жол ҳәрекети қағыйдалары бойынша баслаўыш билимлерди қәлиплестириўге қаратылған материаллық-техникалық ҳәм оқыў базасын жаратыў, сондай-ақ, мәҳәллелерде балаларға жол ҳәрекети қағыйдаларын әмелий үйретиў майданшаларына жол белгилерин орнатыў ҳәм жол сызықларын сызыў илажларын қаржыландырыў.

  1. Автомобиль жолларында ҳәрекетти шөлкемлестириў, басқарыў ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў тараўындағы жумыс нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде Жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша республикалық арнаўлы комиссиясы ҳәм оның аймақлық арнаўлы комиссиялары (кейинги орынларда – арнаўлы комиссиялар) 2 ҳәм 3-қосымшаларға муўапық дүзилсин.

Арнаўлы комиссияларға төмендеги тийкарғы ўазыйпалар жүкленсин:

жол ҳәрекети қәўипсизлиги тараўында пуқаралардың өмирин ҳәм денсаўлығын исенимли қорғаў, жол инфраструктурасының қәўипсизлик талапларына жуўап бериўин тәмийинлеў;

аймақларда жол ҳәрекетин нәтийжели шөлкемлестириў жағдайын турақлы түрде баҳалап барыў, бул тараўда мәмлекетлик уйымлар ҳәм жергиликли ҳәкимликлердиң нәтийжели жумыс алып барыўын қадағалаў;

жол-транспорт ҳәдийселериниң себеплерин терең үйрениў, жоллардың қәўипли авариялар участкаларының дизимин тастыйықлаў арқалы келешекте олардың алдын алыў бойынша илимий тийкарланған усыныслар таярлаў системасын жаратыў;

жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў тараўына заманагөй мәлимлеме технологияларын енгизиў, инсан факторы ҳәм коррупция жағдайларын бурынғысынан басқаша тәризде автоматластырылған қадағалаў системаларын ғалаба ен жайдырыўға байланыслы илажларды белгилеў;

аймақларда жол инфраструктурасын жақсылаў, жол-транспорт ҳәдийселериниң санын қысқартыў бойынша бағдарламалар жойбарларының ислеп шығылыўын шөлкемлестириў ҳәм келисиў.

Жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша республикалық арнаўлы комиссия ҳаққындағы режеси 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Республикалық арнаўлы комиссия (А.Н.Арипов):

Бир ай мүддетте Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлериниң басшылығында аймақлық арнаўлы комиссиялардың үлги режесин тастыйықласын;

ҳәр шеректе мәмлекетлик уйымлар ҳәм жергиликли ҳәкимликлер тәрепинен жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў тараўында әмелге асырылып атырған жумысларды, жүзеге келген кемшиликлерди сын көз қарастан додалап барсын ҳәм тийисли шаралар көрилиўин тәмийинлесин;

ҳәр жылы жергиликли ҳәкимликлердиң өз аймақларында автомобиль жоллары инфраструктурасын жетилистириў ҳәм жол-транспорт ҳәдийселерин кескин азайтыў бойынша анық механизмлерин нәзерде тутатуғын мәнзилли илажларын өз ишине алған «жол карта»ларын тастыйықлап, олардың орынланыўы үстинен қатаң қадағалап барсын.

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған бола:

жол ҳәрекети қәўипсизлиги бөлимлери арнаўлы комиссиялардың жумысшы уйымы есапланады;

жумысшы уйымлар турақлы түрде тийисли мәмлекетлик уйымлардың жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша әмелге асырып атырған жумысларын талқылап барады ҳәм арнаўлы комиссиялардың мәжилислеринде додалаў ушын ҳүжжетлерди таярлайды;

аймақлық арнаўлы комиссиялар ҳәр айда жоллардың жағдайы ҳәм инфраструктура, авария ошақлары, қағыйда бузыўшылықты таллаўдан келип шығып, ҳәрекет қәўипсизлиги, транспорт ҳәм жол тараўларына жуўапкер уйымлардың басшыларының жумысын сын көз қарастан үйренеди, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы Кеңеслерине додалаў ушын  киргизиледи ҳәм нәтийжелери бойынша республикалық арнаўлы комиссияға есап береди.

  1. Аймақларда жол ҳәрекетин нәтийжели шөлкемлестириў жағдайын баҳалаў ҳәм бул бағдарда жергиликли ҳәкимият уйымларының жуўапкершилигин күшейтиў мақсетинде 2022-жыл 1-июльден баслап, республиканың барлық район (қала)лары кесиминде «Қәўипсиз жол» индексин (кейинги орынларда – индекс) жүргизиў әмелияты жолға қойылсын.

индекс шеңберинде жол инфраструктурасы ҳәм жол ҳәрекети қағыйдаларына әмел етиўдиң жағдайы арнаўлы комиссиялар тәрепинен 5-қосымшаға муўапық 29 индикатор бойынша ҳәр шеректиң жуўмағында баҳалап барылатуғыны;

район (қала)лар индекс көрсеткишлери тийкарында жолларда ҳәрекет қәўипсизлигин шөлкемлестириўдиң жағдайы бойынша «жасыл», «сары» ҳәм  «қызыл» категорияларға ажыратылатуғыны;

индексти жүргизиў ўазыйпасы жол ҳәрекети қәўипсизлиги бөлимлерине жүкленетуғыны белгилеп қойылсын.

Министрлер Кабинети (А.Н.Арипов) еки ай мүддетте жетекши илимий шөлкемлер, илимпазлар ҳәм қәнигелерди тартқан ҳалда, индексти жүргизиў методологиясы ислеп шығылыўын ҳәм тастыйықланыўын тәмиийнлесин.

  1. Ишки ислер министрлиги (П.Р.Бобожанов) мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте:

а) жол ҳәрекети қәўипсизлигин исенимли тәмиийнлеў, жол-транспорт ҳәдийселериниң ерте алдын алыў мақсетинде «Өмир тезликтен әҳмийетли» ҳәм «Қәўипсизлик белбеўи – өмир гиреўи» сүренлери астында комплексли үгит-нәсият жумысларын шөлкемлестирсин;

б) бир ай мүддетте төмендегилерди нәзерде тутқан ҳалда, оқыўшылар арасында жол ҳәрекети қағыйдаларын үгит-нәсиятлаўды күшейтиўге қаратылған Ҳүкимет қарарының жойбарын киргизсин:

«Жол ҳәрекети тәртиби балалықтан басланады»  сүрени астында мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң тәрбияланыўшылары ҳәм мектеп оқыўшыларына жолларда, кесилиспелерде ҳәм пиядалар өтиў орынларында ҳәрекетлениў тийкарларын әмелий-көргизбели түрде үйретиў, олардың санасына балалығынан баслап жол ҳәрекети интизамын сиңдириў;

мектеплерде «Ҳәрекет қәўипсизлиги класслары»н, мәҳәллелерде «Жол ҳәрекетин үйретиў майданшалары»н шөлкемлестириў;

в) еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳәм Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым қарарларына 6-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
  2. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип ишки ислер министри П.Р.Бобожонов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимлери белгиленсин.

Қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Б.Д.Исламовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2022-жыл 4-апрель