Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Ветеринария ҳәм шарўашылық тараўында жоқары тәжирийбели кадрлар таярлаў системасын және де жетилистириў, Самарқанд ветеринария медицинасы институтының  жумыс көлемин кеңейтиў, халықаралық абырайын арттырыў, илимий изертлеўлерди системалы алып барыў, инновациялық тәлим ҳәм технологиялар трансферин қоллап-қуўатлаў системасын жаратыў, билимлендириў ҳәм өндиристи избе-из байланыстырыў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы жоқары билимлендириў системасын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясына муўапық белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде:

  1. Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлигиниң Самарқанд ветеринария медицинасы институты тийкарында Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университетин (кейинги орынларда – Университет) шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
  2. Төмендегилер Университеттиң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

ветеринария, шарўашылық, биотехнология, агротехнология, агроэкономика тармақлары ушын жоқары мағлыўматлы кадрларды таярлаў;

заманагөй оқыў ҳәм илимий-лаборатория базасын қәлиплестириў, оны алдыңғы технологиялық әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў және тараўды раўажландырыўға қаратылған илимий-инновациялық изертлеўлерди кеңейтиў;

оқыў процесин әмелий көнликпелерди қәлиплестириўге қаратыў, халықаралық билимлендириў стандартларына тийкарланған алдыңғы педагогикалық технологиялар, оқыў бағдарламалары ҳәм инновациялық оқыў-методикалық материалларды кеңнен енгизиў, ветеринария клиникасы, оқыў илимий лаборатория, оқыў-тәжирийбе хожалығы, өндирис ҳәм қайта ислеў кәрханаларында теориялық билим және әмелияттың сәйкеслигин тәмиийнлеў ушын зәрүр шараятлар жаратыў;

илимий ҳәм илимий-педагогикалық кадрлар таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў бойынша үзликсиз билимлендириў системасын жаратыў;

жетекши сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелери менен биргеликтеги билимлендириў бағдарламаларын ҳәм илимий жойбарларды әмелге асырыў, Университет профессор-оқытыўшыларының маманлығын арттырыў, питкериўшилердиң республикалық ҳәм сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелеринде (илимий орайларда) магистратура ҳәм докторантура бағдарламалары бойынша оқыўын шөлкемлестириў;

оқыў процесин студентлерде еркин оқыў, системалы таллаў, дөретиўшилик пикирлеў ҳәм әмелий, соның ишинде, исбилерменлик көнликпелерин қәлиплестириўге бағдарлаў;

тараўдағы илимий-изертлеў институтларының жеткши илимпазларын Университетте оқып атырған талантлы студентлерге бириктирген ҳалда, илим, билимлендириў ҳәм өндирис интеграциясын тәмийинлеў;

Университтетиң жоқары басқыш студентлери және илимий изертлеўшилериниң илимий-изертлеў институтының лабораторияларында жумыс ислеўи ушын шараят жаратыў;

қарамағындағы билимлендириў мәкемелериниң жумысын муўапықластырыў, олардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў.

  1. Самарқанд ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Басқарыў кеңесиниң (кейинги орынларда – Басқарыў кеңеси) қурамы 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Басқарыў кеңесине (Б.Норқобилов):

а) төмендеги ўазыйпалар жүкленсин:

Университтетиң финанс жылы ушын мөлшерленген бизнес-режеси, узақ ҳәм орта мүддетли стратегиялық раўажландырыў бағдарламасы, дәрамат ҳәм қәрежетлер параметрлерин тастыйықлаў және олардың орынланыўын қадағалаў;

Илимлер академиясының илимий мәкемелер ҳәм тармақ илимий-изертлеў институтлары менен биргеликте илимий мектеплерди раўажландырыў;

Ветеринария ҳәм шарўашылық бағдарында тәлим, изертлеў ҳәм илимий қолланбалар трансфери процесслерин раўажландырыў және илимий-изертлеў ҳәм инновациялық қолланбалар бойынша буйыртпашылар менен пайдалы бирге ислесиў орнатыў;

илимий өнимлерди коммерцияластырыў, стартаплар ҳәм акселератор жумысын жолға қойыў;

билимлендириў ҳәм изертлеў процесслерине инвестицияларды тартыў, жетекши сырт ел жоқары билимлендириў ҳәм илимий изертлеў мәкемелери менен нәтийжели байланысларды орнатыў;

б) төмендеги ўәкилликлер берилсин:

Университеттиң бюджеттен тысқары қаржылары есабынан шәртнама тийкарында маман қәнигелерди тартыў;

Университет жанында жумысының тийкарғы бағдары билимлендириў, илим ҳәм оның нәтийжелерин енгизиў және коммерцияластырыў менен байланыслы болған, бюджеттен тысқары қаржылар есабынан қаржыландырылатуғын қурамлық структуралар, коммерциялық ҳәм коммерциялық емес шөлкемлерди шөлкемлестириў;

тәлим бағдарлары ҳәм қәнигеликлер ушын билимлендириў даўамлылығы мүддетлерин белгилеў;

билимлендириўдиң сапасын ишки қадағалаў механизмлерин белгилеў ҳәм енгизиў.

  1. Университет ветеринария медицинасы, ветеринариялық ҳәм санитариялық экспертиза, ветеринария диагностикасы ҳәм лаборатория жумыслары, ветеринария фармацевтикасы, зооинженерия, ветеринария биотехнологиясы, шарўашылық өнимлерин қайта ислеў технологиясы бағдарларында кадрлар таярлаўшы таяныш мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемеси болып есапланатуғыны;

Университет Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети системасында жумыс алып баратуғыны;

Самарқанд ветеринария медицинасы институтының студентлери Университетте оқыўын даўам еттиретуғыны ҳәм питкериўшилерге мәмлекет тәрепинен тастыйықланған үлгидеги Университет дипломы берилетуғыны;

Университетке студентлерди қабыллаў параметрлери ҳәр жылы тастыйықланатуғын республикалық жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаўдың мәмлекетлик буйыртпасы шеңберинде анықланатуғыны;

Университет Самарқанд ветеринария медицинасы институтының ҳуқықлары, миннетлемелери ҳәм шәртнамалары, соның ишинде, халықаралық шәртнамалар бойынша ҳуқықый мийрасхор болып есапланатуғыны белгиленсин.

  1. Ветеринария тараўында билимлендириў процесслериниң тиккелей әмелият пенен үнлесликте шөлкемлестирилиўин, илим ҳәм технологиялар интеграциясын тәмийинлеў мақсетинде Университет жанында хожалық есабында жумыс алып баратуғын Ветеринария клиникасы ҳәм кеселликлер диагностикасы технопарки (кейинги орынларда – Технопарк) шөлкемлестирилсин.

Университет Технопарк қурамында төмендеги структуралық бөлимлерди шөлкемлестириўди нәзерде тутсын:

Ветеринария лаборатория-диагностика ҳәм профилактика-емлеў клиникасы;

Жасалма туқымландырыў ҳәм нәсилшилик-селекция орайы;

шарўашылық хожалықлары ҳәм халық хожалығында сақланып атырған ҳайўанлар ушын азықлық жетистириў, жыйнаў ҳәм таярлаў бойынша оларға әмелий жәрдем беретуғын мәсләҳәт орайы.

Технопаркке ветеринария лаборатория-диагностика жумысларын алып барыў және ветеринария препаратларын, соның ишинде, ветеринария мақсетлери ушын дәрилик қураллар, азықлық қосымшалары, биологиялық препаратлар ҳәм зоогигиена қуралларын реализациялаў жумысын әмелге асырыў ҳуқықы берилсин.

  1. Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Қаржы министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комиететиниң төмендеги усынысларына келисим берилсинҮ

Университетке тараўда 5 жыллық стажға ийе болған хызметкерлер усыныс хаты тийкарында оқыўға усыныс етилгенде, төлемли-контракт муғдарын күндизги билимлендириў бағдарындағы төлемли-контракт (стипендиясыз) муғдарына теңлестириў;

«Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлер институты» Миллий изертлеў университети жанындағы Қаршы ирригация ҳәм агротехнологиялар институтында 2022-2023-оқыў жылынан бакалавриаттың күндизги ҳәм сыртқы тәлим түрлери бойынша «Шарўашылық өнимлерин қайта ислеў технологиясы» тәлим бағдарында кадрлар таярлаўды жолға қойыў;

Қашқадәрья ўәлаяты Қамаши районындағы Қамаши хызмет көрсетиў техникумы тийкарында Университеттиң Қамаши ветеринария медицинасы техникумын шөлкемлестириў. Онда, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги Қаржы министрлиги менен биргеликте тастыйықланған жойбарлаў-смета ҳүжжетлерине муўапық усы техникумның имарат ҳәм объектлерин реконструкциялаў, капитал оңлаў ҳәм үскенелеў жойбарларын 2023-2026-жылларға мөлшерленген Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў бағдарламасына киргизсин.

  1. Самарқанд ўәлаяты, Тайлақ районындағы Ветенинария илимий-изертлеў институтының пайдаланылмай киятырған аўыл хожалығына мөлшерленген 2-қосымшаға муўапық жәми 27,4 гектар, соннан 16,8 гектар суўғарылатуғын жер участкаларының жер фонды категориясы Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм Суў хожалығы министрлигиниң жуўмағына муўапық аўыл хожалығына мөлшерленген жерлер категориясынан санаат, транспорт, байланыс, қорғаныў ҳәм басқа да мақсетлерге мөлшерленген жерлер категориясына өткерилсин.

Самарқанд ўәлаяты ҳәкимлиги усы бәнтке муўапық жер фонды категориясы өзгертилген жер участкасы белгиленген тәртипте резервке алыныўын, мәмлекет мүлки сыпатында мәмлекетлик дизимнен өткерилиўин және электрон онлайн-аукционға шығарылыўын тәмийинлесин. Усы бәнтке муўапық резервке алынған жер участкаларын сатыўдан түскен қаржылар (Министрлер Кабинетиниң қарарында белгиленген қәрежетлер шегирилген ҳалда), бурынғысынан басқаша тәризде, Ветеринария хызмети ҳәм шарўашылықты раўажландырыў қорының арнаўлы есап-бетине қаратылсын.

Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети жер участкасын сатыўдан Ветеринария хызмети ҳәм шарўашылықты раўажландырыў қорына түскен қаржыларды Ветеринария илимий-изертлеў институты аймағында ветеринария лабораториясы, ветеринария клиникасы ҳәм диагностикалық орайы, виварий жас илимпазлар ушын жатақхана ҳәм өндирис цехын қурыў ҳәм үскенелеў ушын мақсетли бағдарласын.

  1. Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги 2022-2023-оқыў жылынан баслап ветеринария ҳәм биотехнология бағдарлары бойынша абырайлы сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелеринде бакалавриат, магистратура ҳәм докторантура тәлим бағдарлары тийкарында кадрлар таярлаў ушын «Эл-юрт умиди» қорының стипендиялары есабынан ҳәр жылы өз алдына квота ажыратылыўын тәмийинлесин.

Онда, билимлендириў бағдарламасының жуўмағы бойынша студентлердиң кеминде 3 жыл даўамында Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети ҳәм оның система шөлкемлеринде жумыс ислеп бериў шәрти нәзерде тутылады.

  1. Төмендегилер:

2022-2026-жыллары Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университетин және системада жумыс ислеп атырған профессионал билимлендириў мәкемелери, илимий-изертлеў институтларын комплексли раўажландырыў бағдарламасы 3-қосымшаға муўапық;

Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университетиниң халықаралық абырайын арттырыў бойынша мақсетли көрсеткишлер 4-қосымшаға муўапық;

Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университетиниң қәнигелик кафедраларын илимий-изертлеў мәкемелери, тармақ кәрхана ҳәм шөлкемлерге бириктириў кестеси 5-қосымшаға муўапық;

Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университетинде шөлкемлестирилетуғын жаңа бакалавриат тәлим бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлериниң дизими 6-қосымшаға муўапық;

2023-2026-жыллары Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети системасында жумыс алып барып атырған жоқары ҳәм профессионал тәлим және илимий-изертлеў институтларының объектлерин қурыў, реконструкциялаў, толық оңлаў ҳәм үскенелеўдиң мәнзилли дизими 7-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. 2022-жыл 1-майдан баслап Ветеринария илимий-изертлеў институтының илимий хызметкерлери (үлкен ҳәм киши илимий хызметкер) мийнетине ҳақы төлеў бойынша қәрежетлер Мәмлекетлик бюджеттиң қаржылары есабынан қаржыландырылсын.
  2. Самарқанд ветеринария медицинасы институтының Ташкент ҳәм Нөкис филиаллары тийисли түрде Университеттиң Ташкент ҳәм Нөкис филиаллары деп қайта аталсын.

Самарқанд ветеринария медицинасы институтының академиялық лицейи ҳәм Самарқанд, Үргит, Нөкис, Әндижан ветеринария медицинасы техникумлары Университет қурамына өткерилсин.

  1. Университет жумысы Мәмлекетлик бюджет қаржылары, Университеттиң бюджеттен тысқары қаржылары, қәўендерлик қайырқомлықлары ҳәм грантлар және нызамшылық ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан қаржыландырылатуғыны белгиленсин.
  2. Самарқанд ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университетиниң жумысын раўажландырыў қоры шөлкемлестирилсин ҳәм төмендегилер оның қаржы дәреклери етип белгиленсин:

Ветеринария хызмети ҳәм шарўашылықты раўажландырыў қорының ажыратпалары;

Қаракөлшиликти раўажландырыў қорының ажыратпалары;

сырт ел инвесторлары менен инвестициялық келисимлерде нәзерде тутылған илимий изертлеўлер, кадрлар таярлаў ҳәм жойбарларды әмелге асырыў ушын ажыратылатуғын қаржылар;

кадрларды таярлаў ҳәм қайта таярлаў, ветеринария ҳәм шарўашылық және басқа да бағдарларда тартылатуғын донор шөлкемлердиң грант қаржылары;

нызамшылық ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер.

Қордың қаржыларын қәлиплестириў ҳәм пайдаланыў тәртиби Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети тәрепинен Қаржы министрлиги менен келисилген ҳалда тастыйықланады.

  1. Университет Ветеринария илимий-изертлеў институты, Шарўашылық ҳәм қусшылық илимий-изертлеў институты, Балықшылық илимий-изертлеў институты және Қаракөлшилик ҳәм шөл экологиясы илимий-изертлеў институты менен өз-ара биргеликте:

магистрларды профессор ҳәм илимий хызметкерлерге бириктирген ҳалда «илим-билимлендириў-өндирис» принципи тийкарында кадрлар таярлаўдың кластер системасын, сондай-ақ, докторантлардың тиккелей илимий-изертлеў институтларының лабораторияларында илимий жумыс алып барыўын жолға қоятуғыны;

Регионда ветеринария, шарўашылық, биотехнология ҳәм агротехнология тараўларында машқалаларды сапластырыў бойынша фундаменталь, илимий-изертлеў институтлары менен фундаменталь, илимий-әмелий инновациялы изертлеўлер алып баратуғыны және жергиликли ҳәм халықаралық грант қаржыларын тартатуғыны белгиленсин.

  1. Басқарыў кеңеси (Б.Норқобилов):

а) еки ай мүддетте:

Басқарыў кеңесиниң жумысы ҳаққындағы режени тастыйықласын;

Заманагөй тәлим бағдарларын есапқа алған ҳалда, Университет кафедраларының илимий жумысын тараўлар ҳәм тармақлар машқалаларының шешимине қаратыў мақсетинде оларды қайтадан шөлкемлестирсин;

Университет администрациясы, кафедралары ҳәм структуралық бөлимлери жумысының нәтийжелилигин баҳалаў нормаларын және жоқары нәтийжелиликке ерискенлерди хошаметлеп барыў системасын енгизсин;

б) оқыў процесине сырт ел профессор-оқытыўшыларын таңлаў тийкарында тартыў ҳәм Университет профессор-оқытыўшыларының сырт ел жоқары билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў мәкемелеринде маманлығын арттырыў илажларын көрсин;

в) 2023-2024-оқыў жылынан баслап ветеринария ҳәм шарўашылық бағдарлары бойынша сырт еллердиң абырайлы жоқары оқыў орынлары менен биргеликте биргеликтеги тәлим бағдарламалары және кең көлемли фундаменталь, әмелий ҳәм инновациялық изертлеўлерди шөлкемлестириў илажларын көрсин.

  1. Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги Әдиллик министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  2. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ш.М.Ғаниев белгиленсин.

Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                           Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2022-жыл 31-март