Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Өзбекстан раўажланыўының жаңа басқышында елимизде миллий ҳәм диний қәдириятларымызға болған итибар ҳәм ҳүрмет және де артып бармақта. Жанажан диярымызда ҳүким сүрип атырған тынышлық-татыўлықты, шаңарақларымыздағы қут-берекетти халқымыз, бәринен бурын, Жаратқанның шексиз мәрҳаматы сыпатында шүкиршилик ҳәм миннетдаршылық пенен қабыл етпекте.

Әсиресе, татыўлық, өз-ара тилеклеслик ҳәм руўхый пәклик пазыйлетлери улығланатуғын қутлы Рамазан айын ел-халқымыз бәрқулла үлкен қуўаныш ҳәм көтериңки кейпиятта күтип алмақта. Усы мүбәрек күнлерде инсан қәдирин улығлаўға, шаңарақ ҳәм мәҳәллеге меҳир ҳәм итибар менен қараў, социаллық жәрдемге мүтәж адамларға жәрдем ҳәм сақаўат көрсетиўге қаратылған саўаплы әмеллер және де айқын көринбекте.

Халқымыз ушын жақсылық ҳәм мүриўбет, мийрим-шәпәәт тымсалы есапланған мүбәрек Рамазан айын мүнәсип күтип алыў ҳәм жоқары дәрежеде өткериў, муқаддес ислам дининиң адамгершилик принциплерин және мәдений қәдириятларымызды қәстерлеп сақлаў ҳәм улығлаў мақсетинде:

  1. 2022-жыл мүбәрек Рамазан айының басланыўы 2-апрель күнине туўра келиўи ҳаққындағы Өзбекстан мусылманлары басқармасының мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Дин ислери бойынша комитет, Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министрлиги ҳәм басқа да жәмийетлик шөлкемлер менен биргеликте Рамазан айын миллий дәстүр ҳәм қәдириятларға сай ҳәм мүнәсип түрде өткериўге байланыслы илажларды әмелге асырсын.

Бул илажларды өткериўде усы Рамазан айының мазмун-мәнисинде жәмленген инсаныйлық, шүкиршилик, сабыр-қәнәәт сыяқлы пазыйлетлерди ҳүрметлеў, елимиздеги тыныш ҳәм абадан турмысты қәдирлеў,  шаңарақлар және мәҳәллелерде мийрим-шәпәәт ҳәм өз-ара ҳүрмет орталығын беккемлеў, социаллық қорғаўға мүтәж адамларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға  хызмет ететуғын ағартыўшылық илажларын ҳәм үгит-нәсият жумысларын шөлкемлестириўге айрықша итибар қаратылсын.

  1. Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына Рамазан айын өткериўге байланыслы илажларды кеңнен сәўлелендириў усыныс етилсин.
  2. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи М.М.Камиловқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти                  Ш. МИРЗИЁЕВ.

 

Ташкент қаласы,

2022-жыл, 31-март.