Президент Шавкат Мирзиёев 23-май күни фармацевтика тармағында ерисилип атырған нәтийжелер ҳәм перспективалы режелелерге байланыслы презентация менен танысты.
Экономика ҳәм халықтың саламатлығында әҳмийетли орын тутатуғын бул тараўға айрықша итибар қаратылып, зәрүр ҳуқықый ҳәм шөлкемлестириў шараятлары жаратылып берилмекте. Жыл басында усыған байланыслы еки ҳүжжет қабыл етилди. Атап айтқанда, 10-январдағы Президент қарарына муўапық, 2024-2025-жыллары фармацевтика тармағын раўажланыдырыў ҳәм инвестиция жойбарларын жеделлестириў бойынша “жол картасы” тастыйықланды. 23-январьда қабыл етилген пәрманда фармацевтика тараўын тәртипке салыў бойынша қосымша илажлар белгиленди.
Тараўдағы жаңа жойбарлар ушын 100 миллион доллар арзан ресурс ажыратылды. Буннан тысқары, “Асака банк” тәрепинен 200 миллион доллар тартылды.
Усындай имканиятлар нәтийжесинде өткен 4 ай даўамында 30,5 миллион долларлық еки жойбар иске қосылып, 160 жумыс орны жаратылған. 1,5 триллион сумлық өним ислеп шығарылып, 51 миллион долларлық экспорт етилген.
Бирақ, бул нәтийжелер еле жетерли емес. Имканиятлар да, режелерде үлкен.
Атап айтқанда, усы жылы 400 миллион долларлық өним ислеп шығарыў, экспортты 200 миллион долларға жеткериў режелестирилген. 2 миллиард долларлық 147 жойбар басланып, соннан 28 быйылғы жылда иске қосылыўы белгиленген. 450 түрдеги жаңа өнимди локализациялаў мөлшерленген.
Мәмлекетимиз басшысы усы имканиятлардан пайдаланып, жергиликли өнимлер менен ишки базардың талабын қанаатландырыў дәрежесин арттырыў зәрүрлигин атап өтти.
Өндиристи халықаралық стандартларға өткериў, қуны ҳәм сапасының тең салмақлылығын тәмийинлеў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Сол мақсетте тараўда санластырыўды усы жылы 65 процентке жеткериў, кейинги жылы болса толық жуўмақлаў ўазыйпасы қойылды. Бул арқалы баҳаны кеминде 20 процентке арзанлатыў мүмкин екенлиги атап өтилди. Тараў ушын маман қәнигелер таярлаў бойынша көрсетпелер берилди.
“Tashkent Pharma Park” инновациялық фармацевтика кластериниң жумысын жеделлестирип, 470 миллион долларлық 12 жойбарды иске қосыў илажлары көрип шығылды.
Фармацевтика тараўына инвесторларды кеңнен тартыў, жаңа жойбарларды көбейтиў бойынша да мәлимлеме берилди.
ӨзА