«Онкологиялық, гематологиялық ҳәм иммунологиялық кеселликлерге шатылған балаларға медициналық жәрдем көрсетиўди буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Президент Қарары (ПҚ-183-санлы, 21.05.2024 ж.) қабыл етилди.

Қарарға бола, төмендегилер балалар гематологиясы, онкологиясы ҳәм клиникалық иммунологиясы тараўын раўажландырыўдың тийкарғы ўазыйпаларынан бири етип белгиленди, соның ишинде:

– 2030-жылға шекем онкологиялық кеселликлерге шатылған балалардың аман қалыў дәрежесин 60 процентке арттырыў;

– гемопоэтикалық без клеткалары ҳәм жилик майы клеткаларын трансплантациялаўды раўажландырыў;

– наўқас балаларды зәрүр дәри-дәрмақ қураллары ҳәм медициналық буйымлар менен үзликсиз тәмийинлеў.

Балалар гематологиясы, онкологиясы ҳәм клиникалық иммунологиясы орайы Балалар онкологиясы, гематологиясы ҳәм иммунологиясы илимий-әмелий медицина орайы (Орай) етип қайта аталды.

Орай жанында Онкологиялық ҳәм гематологиялық кеселликлерге шатылған балаларды саламатландырыўға жәрдемлесиў қоры дүзилди.

2024-жыл 1-июльден онкологиялық, гематологиялық ҳәм иммунологиялық кеселликлерге шатылған 18 жастан 21 жасқа шекемги (21 жас та киреди) наўқаслар белгиленген медицина орайларының балалар гематологиясы ҳәм онкологиясы бөлимлеринде, сондай-ақ, олар ер жеткенше кеселлик бойынша медициналық жәрдем көрсеткен басқа да медициналық шөлкемлерде бийпул емлениўди даўам еттиреди.

ӨзА