Әзиз ўатанласлар!
Ҳүрметли жазыўшылар, қәдирли жасларымыз!
Бәринен бурын, бәршеңизди елимиздиң сүйикли перзенти, Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан халық шайыры Еркин Воҳидовтың бийтәкирар дөретиўшилигине бағышланған бүгинги фестиваль – өзине тән әдебият ҳәм көркем өнер байрамы менен шын жүректен қутлықлайман.
Бизге белгили, халқымыздыӊ ақыл-парасаты ҳәм ерк-ықрары менен қурылған Жаңа Өзбекстанда миллий әдебият, мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў мәмлекетимизде алып барылып атырған мәмлекетлик сиясаттың әҳмийетли бағдарын қурайды.
Ағартыўшы шайырымыз Абдулҳамид Шолпанның “Әдебият жасаса – миллет жасайды” деген ҳикметли сөзлеринде терең мәнис бар.
Ески ҳәм заманагөй өзбек әдебиятын ҳәр тәреплеме үйрениў ҳәм кеңнен үгит-нәсиятлаў, оны бүгин жүзи берип атырған қурамалы процесслер менен тығыз байланыслы ҳалда таллап, зәрүр жуўмақлар шығарыў руўхый өмиримизди раўажландырыўда, әлбетте, үлкен әҳмийетке ийе. Әсиресе, ҳәзирги тыныш емес ҳәм қәўипли заманда миллий өзлигимизди аңлаў, ийгиликли қәдириятларымызды сақлаў ҳәм байытыў ҳәр қашанғыданда үлкен әҳмийетке ийе болмақта.
Бундай оғада әҳмийетли ўазыйпаларды әмелге асырыўда халқымыздың Еркин Воҳидов сыяқлы уллы ҳәм ардақлы перзентлериниң қутлы ҳәм мәңги мийрасы әлбетте шексиз орын ийелейди.
Бул ҳүрметли инсанға артықша тәрийп бериўдиң кереги жоқ деп ойлайман. Үлкен шайыр ҳәм драматург, қәбилетли аўдармашы ҳәм күшли публицист, белгили жәмийетлик ғайраткер сыпатында Еркин Воҳидовтың дөретпелери миллий әдебиятымыздың “алтын фонды” нан, елимиз ҳәм сырт еллердеги мың-мыңлаған әдебият ықласбентлериниң қәлбинен мүнәсип ҳәм беккем орын алғаны менен ҳәр қанша мақтансақ, арзыйды.
Ҳәзирги ўақытта елимизде уллы шайырымыздыӊ естелигин ҳүрметлеў ҳәм бай дөретиўшилик мийрасын үйрениў бойынша үлкен жумыслар исленбекте. Атап айтқанда, Марғилан қаласында дөретиўшилер бағы қурылып, сүйикли жазыўшымыздыӊ естелиги ҳәм музейи ашылды. Еркин Воҳидов атындағы дөретиўшилик мектеби шөлкемлестирилди. Пайтахтымыздыӊ Жазыўшылар қыябанында оған арнап үлкен естелик қурылды. Шайыр туўылған күниниӊ 80 жыллығы мәмлекетимиз бойлап кеӊнен белгиленди.
Мен Еркин Воҳидовтай көп қырлы талант ийеси, ҳақыйқый ўатансүйиўши ҳәм миллетсүйиўши инсан менен заманлас ҳәм пикирлес болып жасаў несип еткенинен қуўанышлыман.
Мәмлекетимизде руўхый-ағартыўшылық тараўларда алып барылып атырған бүгинги реформаларымызда Еркин Воҳидов, Абдулла Орипов, Ҳалима Худойбердиева, Муҳаммад Юсуф сыяқлы бийтәкирар дөретиўшилеримиздиӊ орны ҳәр қәдемде сезилип турады. Бирақ, ҳәзирги күнде жетисип киятырған қәбилетли жасларымыз – мениӊ әзиз ҳәм қәдирли перзентлерим уллы устазларыныӊ жолынз мүнәсип даўам еттирип атырғаны кеўиллеримизди толып-тастырады.
Бүгинги дөретиўшилик әнжуманы шеӊберинде ардақлы шайырымыздыӊ жалынлы ҳәм гөззал қосықлары жаӊлап атырғаны, оныӊ ғәзеллери тийкарында айтылған қосықлар таӊлаўы өткерилип атырғаны, усы жерде Еркин Воҳидов атында бағдыӊ қурылып атырғаны мақтаўға ылайықлы.
Биз усы әдебий фестивальды ҳәр жылы дәстүрий түрде өткериў усынысын қоллап-қуўатлаймыз. Уллы тарийхқа ийе болған, өз өтмиши менен мақтанып, ҳәзирги ўақытта, келешекке үлкен исеним менен умтылып атырған бүгинги ул-қызларымыз руўхый булақларымыздан нәр алып, Жаӊа Өзбекстанныӊ ҳақыйқый қурыўшылары болып өсиўинде мине, усындай әнжуманлардыӊ орны ҳәм тәсири бийтәкирар, әлбетте.
Пурсаттан пайдаланып, усы илаждыӊ шөлкемлестириўшилери – Ташкент ўәлаяты ҳәкимлиги, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы, “UzReport” телеканалы ҳәм “Туранбанк” жуўапкерлерине, шайырдыӊ перзентлери ҳәм барлық ықласбентлерине шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.
Фестиваль қатнасыўшыларын, оныӊ жеӊимпазларын, түрли аймақлардан келген жасларымызды және бир мәрте қутлықлайман.
Бәршеӊизге саў-саламатлық, дөретиўшилик жумысларыӊызда жаӊа табыслар тилеймен.
Шавкат МИРЗИЁЕВ,
Өзбекстан Республикасы Президенти