Өзбекстанда Франция раўажланыў агентлигин ҳәм PRОПАRKO’ны дүзиў ҳәм жумысын шөлкемлестириў ҳаққындағы келисимге өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы протокол тастыйықланды.

«Халықаралық шәртнаманы тастыйықлаў ҳаққында»ғы президент қарары қабыл етилди.

Өзбекстан ҳәм Франция ҳүкиметлери арасында 2016-жыл 8-декабрьде Гамбург қаласында қол қойылған Өзбекстан ҳәм Франция раўажланыў агентлигин ҳәм PRОПАRKO’ны дүзиў және жумысын шөлкемлестириў ҳаққындағы келисимге өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы протокол тастыйықланды.

Бул протоколға 2023-жылы 2-ноябрь күни Самарқанд қаласында қол қойылған.

Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги бул халықаралық шәртнаманы әмелге асырыў ушын жуўапкер болған ўәкилликли уйым етип белгиленди.

Министрлер Кабинети ҳәм тийисли министрликлер және уйымлардың басшылары бул халықаралық шәртнама күшке киргеннен кейин белгиленген тәртипте оның қағыйдаларының әмелге асырылыўы үстинен қадағалаўды тәмийинлейди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги