Президент Шавкат Мирзиёевқа спорт билимлендириўин раўажландырыў ҳәм халықаралық жарысларды өткериў режелери бойынша мәлимлеме берилди.

Мәмлекетимизде спорт инфаструктурасы раўажландырылып, халықаралық талаплар дәрежесиндеги шараятлар жаратылмақта. Усыған тийкарланып, FIFA қарары менен футзал бойынша быйылғы жәҳән чемпионаты елимизде өткерилиўи белгиленген. Жарыс 14-сентябрь – 6-октябрь күнлери Ташкент, Әндижан ҳәм Бухара қалаларында шөлкемлестириледи. Онда дүньяның ең күшли 24 командасы қатнасады. Қатнасыўшы мәмлекетлерден абырайлы мийманлар, 30 мыңнан аслам ықласбентлердиң келиўи күтилмекте.

Жуўапкерлер бул бағдарда көрилип атырған таярлық жумыслары, спорт ҳәм мәдений илажлардың режелери бойынша мәлимлеме берди. Чемпионатты жоқары дәрежеде өткериў ушын Бас министрдиң басшылығында шөлкемлестириў комитети дүзилетуғыны белгиленди.

Бизге белгили, пайтахтымыздың Яшнабад районында Олимпия қалашасы қурылмақта. Келеси жылы бул жерде жаслар арасында жазғы Азия ойынлары өткериледи.

Кейин ала оннан нәтийжели пайдаланыў мақсетинде Олимпия қалашасында Өзбекстан мәмлекетлик спорт академиясын шөлкемлестириў нәзерде тутылған. Бул мәкеме жанына Денетәрбия ҳәм спорт илимий-изертлеў институты ҳәм Қәнигелердиң маманлығын арттырыў институты да өткериледи. Академия системасында Спорт медицинасы илимий-әмелий орайы, Мәлимлеме китапхана орайы, Өзбекстан тарийхы ҳәм шет тиллерин оқытыў орайы ашылады.

2025-2026-оқыў жылынан баслап, академияға 3 бакалавр бағдары ҳәм 6 магистратура қәнигелиги бойынша қабыллаў басланады. Питкериўши студентлерге 6 жыллық тренерлик маманлық сертификаты бериледи. Олимпиада ҳәм паралимпия колледжлеринен селекция етилген питкериўшилер тиккелей курсқа қабыл етиледи.

Соннан келип шығып, жуўапкерлерге кафедралар ҳәм оқыў бағдарламаларын алдынғы тәжирийбе тийкарында шөлкемлестириў, жоқары маман қәнигелерди тартыў бойынша тапсырмалар берилди.

Спорт билимлендириўиндеги және бир жаңалық Кураш шеберлик мектеплери болады.

Кураш мың жыллық қәдириятымыз ҳәм миллий спортымыз. Дүнья жүзинде оның менен 30 миллион, Өзбекстанда 30 мың инсан профессионал шуғылланбақта. Ҳәўескер жаслар буннан да көп.

Соның ушын ҳәр бир ўәлаят орайында Кураш шеберлик мектеплериниң шөлкемлестирилиўи режелестирилген. Шеберлик мектеплеринде 140 оқыўшы болады, олар 5-11-класс балалары арасынан таңлап алынады.

Презентацияда Париж олимпиадасына көрилип атырған таярлық бойынша да есабат берилди.

Сайланды командаларымыз бул абырайлы жарысқа жоқары дәрежеде таярлық көрмекте, сырт еллерде мақсетли оқыў-шынығыўлары өткерилмекте. Спортшыларымыз футбол, суўға секириў, оқжайдан оқ атыў, ҳаял-қызлар арасында еркин гүрес бойынша биринши рет олимпиадаға жоллама алғаны әҳмийетли. Алдында және жолламаларды қолға киргизиў, Олимпиада ойынларында мүнәсип қатнасыў мақсет етилген.

ӨзА