Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 15-марттағы «Нуранийлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың турмыс дәрежесин арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў, кексе әўлад ўәкиллериниң өрнекли ислерин көпшиликке үлги етиў мақсетинде, «Нураний» қоры Қарақалпақстан Республикасы бөлими баслығы Т.Абдижаббаров ҳәм қордың Кегейли районлық  бөлими баслығы Т.Давлетовлар Кегейли районында 60 жылдан аслам турмыс қурған кексе нуранийлердиң үйлеринде болды.

Атап айтқанда, олар Ийшан қала аўыл  пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы нураний ата Далмурат Данияров ҳәм Айтгүл Пирлешова,  Халқабад   мәкан  пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы нураний ата Кулбаев Махсет ҳәм Райхан Маменовалар менен ушырасып, олардың ҳал-жағдайларынан хабар алды.


-Ҳүрметли Президентимиздиң 2022-жыл 15-март күнги 167-санлы қарары  тийкарында узақ жыллар даўамында биргеликте турмыс қурып, қоса қартайған кекселердиң үлгили турмысын жас әўладқа үгит-нәсиятлаў мақсетинде, ҳәр бир шаңараққа 1 000 000 сўмнан хошамет пуллары берилди,-дейди қордың Кегейли районлық  бөлими баслығы Т.Давлетов.-Бундай ийгиликли ислер еле районымыз бойлап даўам ете береди. Себеби, олардың халық хожалығында ислеген ислерин бүгинги жаслар өзлерине үлги етип алыўы керек, деп ойлаймыз.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги