Ташкент қаласындағы Орайлық Азия халықаралық институтында (ОАХИ) 24-май күни «Орайлық Азия – Европа Аўқамы: қәўипсизлик тараўындағы бирге ислесиўдиң жаңа күн тәртиби» атамасында экспертлер конференциясы өткериледи.

Илаж Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен ҳәм регионымыз мәмлекетлериниң басшылары ҳәм Европа Кеңеси Президенти тәрепинен 2023-жыл 2-июнь күни Қырғызстанның Шолпан-Ата қаласында болып өткен екинши саммитте ерисилген келисимге муўапық шөлкемлестирилди.

ОАХИ ҳәм ЕАның республикамыздағы делегациясы усы конференцияның шөлкемлестириўшилери есапланады.

Конференцияда ЕА атынан Орайлық Азия бойынша арнаўлы ўәкил Терхи Хакала, терроризмге қарсы гүресиў бойынша координатор Бартян Вегтер, Европа Аўқамының Өзбекстандағы елшиси Шарлотта Адриан ҳәм структура тәрепинен қаржыландырылатуғын бағдарламалардың муўапықластырыўшылары, жойбар менеджерлери ҳәм қәўипсизлик тараўында ЕА – ОА форматында жумыс алып барыўшы қәнигелер қатнасады.

Форумда Өзбекстан ҳәм регионымыздың басқа да мәмлекетлериниң аналитикалық мәкемелери экспертлери, мәпдар министрликлер, уйымлардың ўәкиллери де қатнасады.

Конференцияда (Орайлық Азияда ҳуқық қорғаў жумысы), ВОМСА (Орайлық Азияда шегараларды басқарыў бағдарламасы) ҳәм (Орайлық Азияда наркотиклерге қарсы гүресиў бағдарламасы) сыяқлы қәўипсизлик бойынша бирге ислесиў бағдарламалары шеңберинде ЕА ҳәм ОА ағымдағы бирге ислесиўи процеси талланады.

Сондай-ақ, терроризм, экстремизм ҳәм радикализм, кибер жынаятшылық, трансшегаралық шөлкемлескен жынаятшылық ҳәм адам саўдасы сыяқлы қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў тараўларында шерикликти жолға қойыў имканияты үйрениледи.

   Ғ.Хонназаров, ӨзА