Ташкентте Шанхай Бирге ислесиў Шөлкеми (ШБШ) не ағза мәмлекетлер Жоқары судлары басшыларыныӊ он тоғызыншы мәжилиси болып өтти.

Өзбекстан Республикасы басшылығында өткен абырайлы әнжуманда Ҳиндстан Республикасы Жоқары суды баслығы Дхананджая Йешвант Чандрачуд, Иран Ислам Республикасы Суд ҳәкимияты баслығыныӊ орынбасары Козим Ғарибободий, Қазақстан Республикасы Жоқары суды баслығы Асламбек Мергалиев, Қытай Халық Республикасы Жоқары халық суды баслығы Чжан Цзюн, Қырғызстан Республикасы Жоқары суды баслығы Замирбек Базарбеков, Пакистан Ислам Республикасы Жоқары суды баслығы Кази Фаез Иса, Россия Федерациясы Жоқары суды баслығы Ирина Подносова, Тәжикстан Республикасы Жоқары суды баслығы Шермуҳаммад Шоҳиён қатнасты.

Сондай-ақ, мәжилисте, ШБШ жанындағы бақлаўшы мәмлекет – Беларусь Республикасы Жоқары суды баслығы Валентин Сукало ҳәм мийманлар – ШБШ бас хаткериниӊ орынбасары Нуран Ниязалиев ҳәм  ШБШ Регионаллық контртеррор структурасы атқарыў комитетиниӊ директоры Руслан Мирзаев қатнасты.

Өзбекстан Республикасы Жоқары судыныӊ баслығы Бахтиёр Исломов басқарып барған илаж басланыўдан алдын қатнасыўшылар авиаапатшылық себепли қайтыс болған Иран Ислам Республикасы Президенти Иброҳим Раисий ҳәм басқа рәсмий шахслардыӊ естелигине ҳүрмет көрсетип, тынышлық сақланды.

Мәмлекетимиз Президенти Шавкат Мирзиёевтиӊ мәжилис қатнасыўшыларына жоллаған мүрәжаты Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ ҳуқық қорғаў ҳәм қадағалаў уйымларыныӊ жумысын муўапықластырыў мәселелери бойынша кеӊесгөйи Дониёр Қодиров оқып еситтирди.

Илажда ШБШ улыўмалық мәплерди қорғаўдыӊ нәтийжели системасы екени айрықша атап өтилди. Жақсы қоӊсышылық ҳәм дослықты беккемлеў, регионда тынышлық ҳәм турақлылықты тәмийнлеўде бул абырайлы структура әҳмийетли роль атқармақта.

ШБШ шөлкемлестирилгенинен берли оған ағза мәмлекетлер арасында өз-ара ҳүрмет ҳәм түсиниў, жоқары дәрежедеги исеним ҳәм биргеликте қарарлар қабыл етиў руўхы қәлиплести.

Жоқары суд уйымлары арасында өз-ара пайдалы бирге ислесиў улыўмалық мақсетке ерисиў, яғный ШБШ кеӊислигинде нызам үстинлигин тәмийинлеўге қаратылды.

Өзбекстан басшылығы дәўиринде әдил судлаўдыӊ нәтийжелигин арттырыў, суд-ҳуқық системасында нызам үстинлигин тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған реформаларға айрықша итибар қаратылды. Атап айтқанда, ҳуқықты қолланыў, нызамшылықты жетилистириў ҳәм судлардыӊ жумысына байланыслы басқа әҳмийетли мәселелер бойынша жедел түрде мағлыўматлар алмасыўы жолға қойылды. Бул процесс сапарлар, сондай-ақ, көп тәреплемели бирге ислесиўдиӊ барлық бағдарларын қамтып алған 40 тан аслам ири илажларда қатнасыў арқалы әмелге асырылды.

Мәжилисте ШБШға ағза мәмлекетлер Жоқары судларыныӊ нызам үстинлиги, пуқаралардыӊ ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеў бағдарындағы бирге ислесиўин және де жеделлестириўге қаратылған бир қатар әҳмийетли мәселелер көрип шығылды.

Миллет ҳәм шегара билмейтуғын иллет болып есапланатуғын адам саўдасына қарсы гүресиў турақлы түрде дүнья жәмийетшилиги, соныӊ ишинде, ШБШ мәмлекетлери ушын әҳмийетли машқала екенлиги инабатқа алынып, адам саўдасы менен байланыслы жынаят ислерин көрип шығыў әмелияты додаланды. Бул бағдарда системалы түрде өз-ара тәжирийбе алмасыў әҳмийетли екени айрықша атап өтилди.

Пуқаралық судлаў тараўында медиация институтынан кеӊнен пайдаланыў бойынша илажлар қабыл етиў мәселеси толық додаланды. Соныӊ менен бирге, қарама-қарсылықты шешиў ҳәм оныӊ тәреплери ушын өз-ара мақул келетуғын қарар қабыл етиўге ерисиўдиӊ тийкарғы механизмлеринен бири болған медиацияны және де тереӊ үйрениў ҳәм оныӊ мәнисин аӊлаў улыўма пайдалы екени атап өтилди.

Қатнасыўшылар мүлк ҳуқықын қорғаў ҳәм жеке меншик мүлкке қол қатылмаслықты әдил судлаў жәрдеминде тәмийинлеў илажларын ислеп шығып, әмелге асырыў мәселесине итибар қаратты.

Мәмлекетлик уйымлар менен өз-ара қатнасықларда пуқаралар ҳәм исбилерменлердиӊ ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплериниӊ нәтийжели қорғалыўын тәмийинлеў арқалы оныӊ кепилликлерин күшейтиў бағдарында үлкен әҳмийетке ийе болатуғын ҳәкимшилик судлаўды қәлиплестириў ҳәм раўажландырыў перспективаларына тоқталып өтилди.

Суд процесслеринде заманагөй технологияларды қолланыў арқалы әдил судлаўды санластырыў перспективалары мәселеси де мәжилис күн тәртибинен орын алды. Әдил судлаўды әмелге асырыўда мәлимлеме-коммуникация технологиялары ҳәм жасалма интелекттен пайдаланыў бойынша тәжирийбе алмасыў зәрүрлиги атап өтилди.

Мәжилис қатнасыўшылары аўызбиршилик пенен атап өткениндей, Жоқары судлар баслықларыныӊ кеӊ көлемли мәселелер бойынша биргеликтеги ис-ҳәрекетлери ҳәм басламалары халықаралық майданда ШБШ ныӊ абырайы ҳәм глобал статусын және де арттырыўға хызмет етеди.

Дүнья халқыныӊ ярымынан көбин бирлестирген ШБШныӊ регионаллық ҳәм глобал сиясатын қәлиплестириўдиӊ механизми ретинде Евроазия континентиниӊ қәўипсизлиги ҳәм турақлы раўажланыўды тәмийинлеўдеги орны беккемленип бармақта.

Тәреплер ШБШға ағза мәмлекетлердиӊ Жоқары судлары арасындағы бирге ислесиўди раўажландырыў исеним, дослық ҳәм жақын қоӊсышылық, өз-ара келисиў, ШБШ Хартиясы, ШБШға ағза мәмлекетлердиӊ узақ мүддетли перспективасына мөлшерленген жақсы қоӊсышылығы, дослығы ҳәм бирге ислесиўи ҳаққындағы шәртнама ҳәм ШБШны 2025-жылға шекем раўажландырыў Стратегиясына муўапық регионда тынышлық ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў принциплери тийкарында әмелге асырылып атырғанын атап өтти.

ШБШға ағза мәмлекетлердиӊ Жоқары судлары арасындағы әмелий бирге ислесиў пуқаралардыӊ ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў тараўындағы биргеликтеги жумысын және де жетилистириў, әдиллик, нызамлылық ҳәм ҳуқық-қорғаўды беккемлеўге хызмет етип, суд-ҳуқық реформаларын тереӊлестириў ушын әҳмийетли фактор болып атырғаны атап өтилди.

Мәжилис жуўмағы бойынша ШБШға ағза мәмлекетлер суд ҳәкимиятыныӊ жоқары уйымлары бирге ислесиўиниӊ перспективалары ҳаққында Биргеликтеги билдириўге қол қойылды.

Жуўмақлаўшы ҳүжжетте күн тәртибиндеги мәселелер бойынша ҳәм ШБШға ағза мәмлекетлердиӊ Жоқары судлары баслықларыныӊ 20-мәжилисин 2025-жылы Қытай Халық Республикасында өткериў ҳаққында қарарлар қабыл етилди.

Норгул АБДУРАИМОВА,

ӨзА хабаршысы