Казаков Илхомбек Базарбаевич Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасының баслығы етип тайынланды. Бул ҳаққында басқарманың баспасөз хызмети хабар берди.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, И.Казаков усы тайынлаўға шекем Хорезм ўәлаяты Бажыхана басқармасының баслығы ўазыйпасында хызмет еткен.

Қосымша етиў орынлы, усы күнге шекем Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасының баслығы лаўазымында жумыс ислеген Хожиматов Олимжон Хамиджанович Ташкент ўәлаяты Бажыхана басқармасының баслығы етип тайынланған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.