Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Пахта майданларында топырақ өнимдарлығын ҳәм зүрәәтлиликти буннан былай да арттырыў, суўғарыўдың жаңа технологияларына өтиў, өсимликлерди қорғаў бойынша хызметлерди жолға қойыў, заманагөй лабораториялар қурыў, фермерлерди оқытыў сыяқлы илажларды хошаметлеўдиң тәсиршең механизмин енгизиў мақсетинде:

  1. Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Қаржы министрлиги, Аўыл хожалығы министрлиги, Мәмлекетлик салық комитети, «Өзбекстан пахта-тоқымашылық кластерлери» ассоциациясы, «Өзтоқымашылықсанаат» ассоциациясы, Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесиниң аўыл хожалығы жерлеринен пайдаланыўшы (ижарашы)лар тәрепинен пахта майданларында топырақ өнимдарлығын арттырыў бойынша әмелге асырылатуғын илажлар ушын Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан 2022-2023-жыллары сынақ тәризинде хошаметлеўдиң төмендеги механизмлерин енгизиў ҳаққындағы усынысы мақуллансын:

топырақ өнимдарлығын арттырыў ҳәм эрозиядан қорғаў илажларын әмелге асырғаны ушын салық жеңилликлерин бериў;

тастыйықланған жер дүзиў ҳүжжетлерине муўапық аўыл хожалығы жерлерин тиклеў, қайта пайдаланыўға киргизиў ҳәм жаңадан өзлестириў, аўыл хожалығы жерлерин рекультивациялаў ҳәм мелиорациялаў илажларын орынлаў ушын субсидиялар ажыратыў ҳәм жер салығының айырым бөлегинен азат етиў.

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық 2022-2023-жыллары сынақ тәризинде:

а) топырақ өнимдарлығы ҳәм пахта зүрәәтлилигин арттырыў, илимий тийкарланған алмаслап егиўди ҳәм суўғарыўдың жаңа технологияларын енгизиў және өсимликлерди қорғаў бойынша хызметлерди жолға қойыў ҳәм заманагөй лабораторияларды қурыў, сондай-ақ, дийқаншылық тараўындағы жаңалықлар ҳәм алдыңғы тәжирийбелер бойынша фермерлерди оқытыў ушын жерден пайдаланыўшы (соның ишинде, кластер)ларға Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан ҳәр бир гектар майданға бир миллион сумнан субсидия ажыратылады. Онда:

пахта майданларында топырақ өнимдарлығы ҳәм зүрәәтлиликти арттырыў бойынша илажларды орынлаў ушын дәслеп есапланған субсидияның  70 проценти ажыратылады;

субсидияның қалған 30 процент бөлеги зүрәәтлилик алдынғы мәўсимге қарағанда орташа 15 процентке арттырылып, Мәмлекетлик статистика комитетиниң аналитикалық мағлыўматларында өз көринисин тапқанда, өткерип бериледи;

пахта майданларында топырақ өнимдарлығы ҳәм зүрәәтлиликти арттырғаны ушын салық жеңилликлери топырақ бонитировкасын таллаў нәтийжелери бойынша топырақ өнимдарлығы артқан жерден пайдаланыўшыларға қолланылады. Онда:

жерден пайдаланыўшылар ушын жер участкасы топырағы бонитет балы әмелдеги бонитет баллға қарағанда 3 баллға шекем артқан жағдайларда жер салығының ставкасы 25 процентке, 3 балл ҳәм оннан артқан жағдайларда 50 процентке шекем азайтылады;

жер салығы бойынша жеңилликлер үш жыл мүддетке әмел етеди.

  1. Төмендегилер:

2022-2023-жыллары пахта майданларында топырақ өнимдарлығын арттырыў ҳәм экологиялық жағдайды жақсылаў ушын субсидия ажыратыў тәжирийбеси сынақтан өткерилетуғын районлар дизими 1-қосымшаға муўапық;

пахта майданларында топырақ өнимдарлығын ҳәм зүрәәтлиликти арттырыў, суўғарыўдың жаңа технологияларына өтиўде әмелге асырылатуғын илимий тийкарланған илажлар бойынша «Жол картасы» 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Аўыл хожалығы министрлиги еки ай мүддетте пахта майданларында топырақ өнимдарлығын ҳәм зүрәәтлиликти арттырыў бойынша илажларды орынлаў ушын субсидия ажыратыў тәртибин ислеп шығып, белгиленген тәртипте Министрлер Кабинетине киргизсин. Онда:

аўыл хожалығында жер қатнасықларын тәртипке салыў бойынша мәмлекетлик сиясатты әмелге асыратуғын ўәкилликли уйым тәрепинен топырақ өнимдарлығын арттырыў ҳәм экологиялық жағдайды жақсылаў бойынша илажларды хошаметлеў ҳаққында мүрәжатларды көрип шығыў ушын тийкар болатуғын ҳүжжетлер;

пахта майданларында топырақ өнимдарлығын ҳәм зүрәәтлиликти арттырыў бойынша илажларды орынлаў ушын субсидия ажыратылатуғын жерден пайдаланыўшылар дизимин қәлиплестириў тәртиби;

Мәмлекетлик бюджеттен субсидия ажыратылатуғын жер участкасының майданын анықлаў және субсидия муғдарын есаплаў ҳәм усыныў мүддети;

пахта майданларында топырақ өнимдарлығын ҳәм зүрәәтлиликти арттырыў бойынша орынланатуғын илажлар режесин ислеп шығыў ҳәм оны тастыйықлаў тәртиби нәзерде тутылсын.

  1. Министрлер Кабинети бир ай мүддетте усы қарардың 1-қосымшасына тийкарланып субсидия ажыратылатуғын районлар бойынша әмелге асырылатуғын илажлар бойынша жуўапкерлер ҳәм мүддетлерди анық белгиленген жағдайда ҳәр бир район ушын өз алдына «Жол картасы»н тастыйықласын.
  2. Аўыл хожалығы министрлиги Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери менен биргеликте 2023-жыл 15-декабрьге шекем усы қарардың 1-қосымшасына муўапық сынақ тәризинде субсидия ажыратылған районларда пахта шийки затын жетистириў нәтийжелерин таллап, бул тәжирийбени республикамыздың басқа районларында енгизиў бойынша Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.
  3. Есап палатасы (Б.Т.Турабоев) Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов) менен биргеликте усы қарар шеңберинде Мәмлекетлик бюджет есабынан қаржылардың мақсетли ажыратылыўы ҳәм жумсалыўы үстинен турақлы қадағалаў орнатсын ҳәм ҳәр ярым жылда Министрлер Кабинетине мәлимлеме киргизип барсын.
  4. Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги менен биргеликте усы қарардың мазмун-мәниси сондай-ақ, мақсет ҳәм ўазыйпаларының ғалаба хабар қуралларында кеңнен сәўлелелениўин тәмийинлесин.
  5. Аўыл хожалығы министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  6. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип аўыл хожалығы министри Ж.А.Ходжаев, қаржы министри Т.А.Ишметов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы ҳәм ўәлаятлар ҳәкимлери белгиленсин.

Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасарлары Ж.А.Қўчқоровқа ҳәм Ш.М.Ғаниевке жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                                    Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2022-жыл 25-март