Өзбекстан  Республикасы Президенти  Шавкат  Мирзиёев  25-март күни Ташкент халықаралық инвестициялар форумында Россия делегациясына басшылык етип атырған Россия Федерациясы экономикалық раўажланыў  министри  Максим  Решетниковты қабыл етти.

Ушырасыў басында Максим Решетников мәмлекетимиз басшысына Россия Президенти Владимир Путинниң сәлемин ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди және Ташкент форумының табыслы нәтийжелери менен шын жүректен қутлықлады.

Көп қырлы Өзбекстан-Россия бирге ислесиўин кеңейтиў бойынша жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди әмелге асырыў мәселелери көрип шығылды. Санаат коперациясына байланыслы анық жойбарларды алға қойыў ҳәм өз-ара саўда көрсеткишлериниң унамлы өсим пәтлерин тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылды.

Өткен жылдың жуўмақлары бойынша еки тәреплеме товар алмасыў үштен бирге артып, рекорд дәреже –7,5 миллиард долларға жетти. Усы жылдың биринши айларында саўда көрсеткишлери 50 проценттен зыятқа артты. Бүгинги күнде Өзбекстанда 2 мыңнан артық қоспа кәрхана табыслы жумыс алып бармақта, Россиядан экономикамызға тартылған инвестициялардың көлеми 10 миллиард доллардан зыятты қурамақта.

Ушырасыўда еки мәмлекет ҳүкиметлери дәрежесинде жақыннан бирге ислесиўди даўам еттириў, сондай-ақ, Өзбекстан ҳәм Россия арасындағы экономикалық бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлер аралық комиссияның потенциалынан нәтийжели пайдаланыў зәрүрлиги атап өтилди.

ӨзА