Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 5-ноябрьдеги «Спорт билимлендириў мәкемелериниң жумысын 2025-жылға шекем раўажландырыў бағдарламасы ҳаққында»ғы ПҚ-5280-санлы қарарына муўапық, сондай-ақ, спорт гимнастикасы бойынша қәбилетли спортшыларды таярлаў, Олимпиада ойынларында жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийеси болған спортшыларымыздың жумысын кеңнен үгит-нәсиятлаў мақсетинде:

  1. Спортты раўажландырыў министрлиги системасында Гимнастика бойынша Оксана Чусовитина спорт шеберлиги мектеби (кейинги орынларда – гимнастика мектеби) шөлкемлестирилсин.
  2. Төмендегилер гимнастика мектебиниң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

зәрүр спорт қураллары ҳәм үскенелери менен тәмийинленген, заманагөй халықаралық талаплар ҳәм стандартларға жуўап беретуғын материаллық-техникалық және оқыў-шынығыў базаларын жаратыў ҳәм ҳәр қыйлы дәрежедеги халықаралық ҳәм регионаллық  жарысларда – Олимпиада ҳәм Азия ойынлары, жәҳән ҳәм Азия чемпионатлары, универсиадалар ҳәм басқаларда Өзбекстанның атын мүнәсип қорғай алатуғын халықаралық дәрежедеги спортшыларды таярлаў;

спорт гимнастикасы бойынша халықаралық дәрежедеги спортшыларды таярлаў ушын жоқары тәжирийбели қәниге-тренерлер, психологлар ҳәм методистлерди, соның ишинде, сырт ел жетекши қәнигелерин кеңнен тартыў арқалы тренерлер қурамын беккемлеў;

спортшылардың оқыў-шынығыў процесин халықаралық  стандартлар дәрежесинде шөлкемлестириў, алдыңғы сырт ел тәжирийбесин есапқа алған ҳалда, оқыў-шынығыў процесслерине ең жаңа илимий-методикалық технологияларды енгизиў жолы менен оларды теориялық ҳәм техникалық-тактикалық жақтан таярлаў сапасын турақлы арттырып барыў;

спортшылардың профессионал пазыйлетлерин раўажландырыў, сондай-ақ, спорт гимнастикасын раўажландырыўдың халықаралық талапларына муўапық ҳалда Өзбекстан миллий сайланды командаларына жоқары тәжирийбели спортшыларды таярлаў;

жас перспективалы спортшыларды таңлаў ҳәм тәрбиялаў мәселелери бойынша балалар-жас өспиримлер спорт мектеплери, қәнигелестирилген балалар-жас өспиримлер спорт мектеплери, олмпиада ҳәм миллий спорт түрлерине қәнигелестирилген мәмлекетлик мектеп-интернатлары, олимпиада ҳәм паралимпиада резервлери колледжлери, Гимнастика бойынша қәнигелестирилген республикалық балалар-жас өспиримлер олимпиада резерви спорт мектеби, гимнастика бойынша Республикалық жоқары спорт шеберлиги мектеби ҳәм басқа да спорт-билимлендириў мәкемелери менен үзликсиз бирге ислесиўди әмелге асырыў;

спорт гимнастикасы бойынша миллий сайланды командалар ҳәм олардың резервлериниң қатнасыўында оқыў-шынығыў жыйынлары, республикалық ҳәм халықаралық спорт жарысларын шөлкемлестириў және турақлы түрде өткерип барыў, тренерлер ҳәм споршылардың кәсиплик шеберлиги дәрежесин арттырыў ушын тәжирийбе алмасыў бойынша сырт ел спорт мектеплери, клублары ҳәм орайлары менен бирге ислесиўди раўажландырыў.

  1. Гимнастика мектеби өз жумысын Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 2-июньдағы «Спорт түрлери бойынша қәнигелестирилген мәмлекетлик мектеп-инернатларының жумысын жетилистириў ҳаққында»ғы 410-санлы қарарында белгиленген тәртипке муўапық әмелге асыратуғыны, соның ишинде, юридикалық тәреп статусына ийе болған қәнигелестирилген улыўма билимлендириў спорт-билимлендириў мәкемеси болып есапланатуғыны;

гимнастика мектеби өзиниң жумысын 2022-2023-оқыў жылынан баслайтуғыны;

гимнастика мектеби оқыўшыларының улыўмалық контингенти жәми 165 ди қурап олар 1-11-класс оқыўшыларынан ибарат болатуғыны;

гимнастика мектеби оқыўшыларын улыўма билимлендириў бағдарламалары бойынша оқытыў оларға ең жақын жайласқан улыўма орта билимлендириў мектеплеринде әмелге асырылатуғыны;

гимнастика мектеби оқыўшыларын жасаў ушын әсбап-үскенелер, суткалық азық-аўқат нормасы, спорт кийими ҳәм қураллары, форма менен тәмийинлеўде жоқары шеберлик спорт мектеплериниң нормативлери қолланылатуғыны;

гимнастика мектеби оқыўшыларын бийпул (жеңиллетилген) аўқатландырыў қәрежетлериниң бир бөлегин қаплаў ушын ата-аналар төлеми өндирилмейтуғыны ҳәм оқыўшылар толық Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан азық-аўқат пенен тәмийинленетуғыны;

гимнастика мектебиниң директоры, оның орынбасарлары, тренер-муғаллимлер, үйретиўши-методистлер, тәрбияшылардың мийнетине ҳақы төлеў ҳәм мектеп директорының руўхый-ағартыўшылық ислер бойынша орынбасары ҳәм тәрбияшылардың мийнетин хошаметлеў Министрлер Кабинетиниң 2005-жыл 21-декабрьдеги «Халық билимлендириўи хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеўдиң жетилистирилген системасын тастыйықлаў ҳаққында»ғы 275-санлы қарарына муўапық;

гимнастика мектебиниң директоры, оның орынбасарлары, тренер-муғаллимлер, үйретиўши-методистлер, медицина хызметкерлериниң мийнетин хошаметлеў Министрлер Кабинетиниң 2010-жыл 23-сентябрьдеги «Спорт мектеплериниң жумысын және спорт мектеплери тренерлери ҳәм қәнигелериниң мийнетин материаллық хошаметлеў системасын және де жетилистириў ҳаққында»ғы 211-санлы қарарына муўапық;

гимнастика мектебиндеги медицина хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеў Министрлер Кабинетиниң 2005-жыл 21-декабрьдеги «Медицина хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеўдиң жетилистирилген системасын тастыйықлаў ҳаққында»ғы 276-санлы қарарына муўапық әмелге асырылатуғыны белгиленсин.

  1. Төмендегилер гимнастика мектебин қаржыландырыў дәреклери етип белгиленсин:

Мәмлекетлик бюджет қаржылары;

жумыс қәнигелиги бойынша товарларды (жумысларды, хызметлерди) реализациялаўдан ҳәм мектеп уставындағы ўазыйпаларға муўапық болған басқа да жумыс түрлеринен алынған дәраматлар;

тийкарғы шынығыўлар өткерилмейтуғын ўақытта бос турған мүлкти ижараға бериўден түскен дәраматлар;

юридикалық ҳәм физикалық тәреплердиң қәўендерлик қайырқомлықлары;

нызамшылық ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер.

  1. Спортты раўажландырыў министрлиги (А.Икрамов):

а) үш ай мүддетте:

гимнастика мектебиниң уставын тастыйықлаў, сондай-ақ, оны белгиленген тәртипте дизимнен өткериў;

гимнастика мектебин заманагөй педагогикалық технологияларды ийелеген маман педагог кадрлар және тренерлер менен басқышпа-басқыш толықтырыў илажларын көрсин;

б) Өзбекстан Миллий олимпиада комитети ҳәм Өзбекстан гимнастика федерациясы менен биргеликте гимнастика мектебинде спортшыларды таярлаў сапасы бойынша турақлы мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырсын;

в) Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги ҳәм Қаржы министрлиги менен биргеликте гимнастика мектебиниң басқарыў, техникалық, хызмет көрсетиўши ҳәм оқыў-жәрдемши хызметкерлериниң штат кестесин ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын;

г) Халық билимлендириў министрлиги менен биргеликте улыўма орта билимлендириў мектеплериниң оқыўшыларын гимнастика мектебинде шуғылланыў ушын тартыў илажларын көрсин.

  1. Спортты раўажландырыў министрлиги, Өзбекстан миллий олимпиада комитети, Қурылыс министрлиги ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлиги 2022-жыл 1-августқа шекем Ташкент қаласы, Мирабад районы, Саракөл көшеси, 24 м-жай мәнзилинде жайласқан 175-санлы улыўма орта билимлендириў мектебине тутас аймақларда заманагөй гимнастика мектебиниң шөлкемлестирилиўи ҳәм үскенелениўин тәмийинлесин.

Гимнастика мектебин шөлкемлестириў ҳәм үскенелеў ушын Мәмлекетлик бюджеттен жәми 25 миллиард сум қаратылсын.

Министрлер Кабинети Спортты раўажландырыў, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў, Қаржы министрликлери менен биргеликте усы бәнттиң талапларынан келип шығып 2022-2024-жыллары Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў бағдарламасының тийисли параметрлерин қайта көрип шықсын.

  1. Қурылыс министрлиги (Б.Закиров) гимнастика мектебиниң жойбарлаў ҳүжжетлериниң ислеп шығылыўында ең қолайлы архитектуралық және техникалық шешимлер қолланылыўын, мектепти инновациялық технологияларға тийкарланған, арзан, энергия үнемлейтуғын ҳәм тез қурылатуғын жеңил конструкция ҳәм материаллардан қурыў, ықшамлық ҳәм экологиялық қәўипсизлик талапларына муўапықлық бойынша жойбарлаў-смета ҳүжжетлерин комплексли экспертизадан өткериўди тәмийинлесин ҳәм қурылыс-монтажлаў жумысларының сапалы орынланыўы үстинен турақлы мәмлекетлик архитектура-қурылыс қадағалаўын орнатсын.
  2. Қаржы министрлиги гимнастика мектебиниң жумысын сақлаў менен байланыслы зәрүр қаржыларды 2022-жыл республикалық бюджетте нәзерде тутылған қаржылар шеңберинде, 2023-жылдан баслап болса Мәмлекетлик бюджеттиң параметрлеринде нәзерде тутыўды тәмийинлесин.
  3. Спортты раўажландырыў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  4. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип спортты раўажландырыў министри А.И.Икрамов және Ташкент қаласы ҳәкими Ж.А.Артикходжаев белгиленсин.

Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа және Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                 Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2022-жыл 14-март