Елимизде өз жумысы, ибратлы пазыйлетлери менен ҳәммеге өрнек болып атырған апа-сиңлилеримиз, аналарымыз көп екени оғада қуўанышлы болып есапланады. Ҳәттеки, ең әпиўайы өзбек ҳаялы да мийнетти сүйиў, ҳадаллық, меҳир ҳәм садықлық бабында дүнья жүзине ибрат болыўы ылайықлы болып есапланады.

Пайтахтымызда жәмийетлик турмыста белсендилик ҳәм интакерлик көрсеткен, жемисли мийнети менен шаңарақтың қәлиплесиўи ҳәм абаданлығының беккемлениўи, сондай-ақ, аналық ҳәм балалықты қорғаўға мүнәсип үлес қосқан ҳаял-қызларға «Мўътабар аёл» көкирек белгиси салтанатлы тапсырылды.

Илажда Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәмлекетлик комитетиниң баслығы Зулайҳо Маҳкамова ҳәм басқалар ҳаял-қызларға ҳақыйқый мәнисте ҳүрмет көрсетиў, олардың аўырын жеңил етиў, ҳәр қыйлы машқалаларға жеделлик пенен, өз ўақтында шешим табыў, ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мәселеси Президентимиз Шавкат Мирзиёев тәрепинен алып барылып атырған жаңаланыў бағдарындағы реформаларда тийкарғы орын ийелейтуғыны атап өтилди. Жақында ғана дүзилген Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәмлекетлик комитети ҳаял-қызлардың турмысына байланыслы ең әҳмийетли мәселелерди шешиўге қаратылған болып есапланады.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 2-февральда тийисли пәрманы қабыл етилген еди. Оған муўапық, жедел ҳәм интакер, саламат ҳәм бәркамал әўладты камалға келтириў, оларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, орынларда руўхый-әдеп-икрамлылық орталықты саламатландырыў ҳәм миллий қәдириятларымызды үгит-нәсиятлаўда ибратлы жумыс алып барып атырған ҳаял-қызларды сыйлықлаў мақсетинде «Мўътабар аёл» көкирек белгиси шөлкемлестирилген.

Ҳақыйқатында да, мәмлекет, жәмийет ҳәм халық меҳри, ҳүрмети негизинде муқаддес етип жаратылған ҳаялды улығлайды. Усы жылы бул көкирек белгиси менен сыйлықлаў ушын Республикалық комиссияға 819 ҳүжжет усынылды.

Аналық, меҳрибанлық абырайына ерискен, республика көлеминде, аймақларда, мәҳәллелерде ибратлы жумыс ислеп атырған, шаңарақтағы руўхый орталық пенен басқараларға үлги болыўды турмыс тәризине айландырған апа-сиңиллеримиз, гөззал аналарымыздан 282 си «Мўътабар аёл» көкирек белгиси менен сыйлықланды.

Олар барлық тараўларда жетекши, мәрт, пидәкер ҳәм мақтаўға ылайық ҳүрметли ҳаял болып есапланады. Көкирек белгиси менен сыйлықланғанлар ең кем мийнет ҳақысының төрт есеси муғдарында бир мәрте төленетуғын ақшалай сыйлықты да алады.

– Бүгин мәмлекетимизде барлық ҳаял-қызларға ҳүрмет ҳәм итибар көрсетилмекте, – деди елимиздиң белсенди руўхыйлық үгит-нәсиятлаўшысы, эксперт Жамила Шермуҳамедова. – Бундай итибар ҳаял-қызлардың турмысында. олардың арзыў-нийетлеринде де өзиниң айқын көринисин таппақта.

Сыйлықларды Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәмлекетлик комитетиниң баслығы Зулайҳо Маҳкамова, Сенаттың Ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери комитетиниң баслығы Малика Қодирхонова тапсырды.

Көкирек белгисин орынларда ҳәкимлер тәрепинен салтанатлы тапсырыў мәресимлери даўам етеди.

Назокат УСМОНОВА,

ӨзАның хабаршысы