Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик уинверситетинде халық аралық Ҳаял-қызлар байрамына бағышланып байрам кешеси болып өтти.

Илажда университет ректоры А.Реймов ҳаял-қызларды гөззаллық байрамы менен қутлықлап, олардың қолға киргизип атырған табысларына тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, елимизде Президентимиздиң басшылығында ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Байрам қарсаңында және бир қуўанышлы хабар тарқалды. Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң 2-курс студенти Зухрахон Мақсадова Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлығы менен сыйлықланды. Бул университет жәмәәти ушын қуўаныш ҳәм мақтаныш, устазлардың пидайы мийнетиниң жемиси болып табылады.

Салтанатлы кешеде университет «Нуранийлар кеңеси»ниң баслығы Б.Абдикамалов, Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен мәденият хызметкери, шайыр Б.Генжемуратов шығып сөйлеп, Ана уллылығының күш-қүдиретине, бүгинги ҳаял-қызларымызға жаратылған шараятларға тоқтап өтти.

Байрам мүнәсибети менен билимлендириў тараўындағы ҳәм жасларды Ўатанға садықлық руўхында тәрбиялаўдағы узақ жыллық жемисли мийнети ушын бир топар нуранийлар, профессор-оқытыўшылар Ҳүрмет жарлығы ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Илаж аналарымыздың ақыл-парасатын, меҳрийбанлығын,  қызларымыздың гөззаллығын, ийбелилигин улығлаған «Сен ҳәмийше муқаддессең, муқаддес ҳаял» атамасындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги