Шымбай районы Халық билимлендириў бөлимине қараслы 17-санлы  улыўма орта билим бериў мектебинде “Жасыл мәкан” акциясы шеңберинде абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумыслары қызғын алып барылмақта.

-Мектеп әтирапыныӊ тазалығын сақлаў ҳәм абаданластырыў ҳәр бир жәмәәтимиз ағзасыныӊ әдиўли парызы,-дейди усы мектептиӊ устасы Муҳамметдин Ерназаров.-Сонлықтан жәмәәтимиз бенен ойласқан ҳалда бәҳәрги көклемзарластырыў акциясына белсене қатнасып атырмыз. Халық билимлендириў бөлими тәрепинен мектеп әтирапына егиў ушын 80 түп шырша алып келинди ҳәм бизлер сол нәллерди тигип атырмыз. Нәллердиӊ өсип раўажланыўына, тәрбиясына белгили бир жуўапкер адамлар бекитилип, оларға күтимли тәрбия берилмекте.

«Жасыл мәкан» акциясы шеӊберинде әмелге асырылп атырған бундай ийгиликли ислер  өсип киятырған жас әўладлардыӊ тәлим тәрбиясына да унамлы тәсир ететуғынлығына исенемиз.

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы