8-март-Халықаралық ҳаял-қызлар байрамы республикамыздыӊ барлық орынларында болғаны сыяқлы Нөкис районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 18-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде де көтериӊки руўхта белгилеп өтилди.

Байрам илажында мектеп директоры Оралбай Шерназаров ҳәм тағы басқалар өмиримиздиӊ жарасығы, үйимиздиӊ уйытқысы болған ҳаял-қызларымызды сәне мүнәсибети менен қызғын қутлықлап, жәмәәтте жемисли хызмет етип киятырған бир қатар педагогларға байрам саўғаларын тапсырды.

Соӊынан мектептиӊ жоқары класс оқыўшылары арасында «Бәҳәр мәлийкасы» атамасында  қызлар таӊлаўы шөлкемлестирилип, олар белгиленген бес шәрт бойынша өз-ара жарысқа түсти.

Онда 9-класс оқыўшысы Орынай Демеўбаева биринши, Нургүл Жолдасбаева екинши, 8-класс оқыўшысы Қырмызы Қазақбаевалар үшинши орынларды ийелеп, олар мектеп ҳәкимшилиги тәрепинен дәрежели Диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.

 

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы