Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлиминде 8-март Халықаралық ҳаял-қызлар байрамы мүнәсибети менен «Жас художник қызлар» атамасында көргизбе таңлаў болып өтти.

Илажды өткериўден тийкарғы мақсет, Президентимиздиң 2018-жыл 28-ноябрьдеги «Өзбекстан Республикасында миллий мәдениятты буннан былай да раўажландырыў концепциясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў, сүўретлеў өнери бағдарындағы жас дөретиўши қызларды хошаметлеў, олардың излениси ҳәм қәбилетин жүзеге шығарыўы ушын зәрүр шараят жаратыў болып табылады.

Көргизбе таңлаўға Қарақалпақстан Республикасы қәнигелестирилген көркем өнер интернаты, Нөкис қаласындағы Есжан бақсы атындағы 1-санлы,  Әмет бақсы атындағы 12-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплериниң, Нөкис қәнигелестирилген көркем өнер мектебиниң, Хожели районындағы 4-санлы ҳәм 5-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплериниң 42 талантлы қызы өзлериниң 110 графика, живопись ҳәм мүсиншилик бағдарындағы мийнетлери менен қатнасты. Олардан Мияссар Худайбергенова, София Лим, Зарафшан Оразимова, Сәрбиназ Жеңисбаевалардың мийнетлеринде түрли тараўларда жемисли мийнет етип атырған ҳаял-қызлардың, өмиримиздиң периштеси болған әдиўли аналарымыз бенен меҳрибан апа-қарындасларымыздың образлары шеберлик пенен сәўлеленген.

Илажда Хожели районындағы 4-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң оқыўшысы Севара Камалова биринши, Нөкис қәнигелестирилген көркем өнер мектебиниң оқыўшысы Феруза Жуманизова екинши, Есжан бақсы атындағы 1-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң оқыўшысы Гүлназ Жоллыбаева үшинши орынларды ийеледи.

Жеңимпаз ҳәм белсене қатнасқан қызларға Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлими тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы