Президентимиздиң басламасы менен елимиз көлеминде «Жасыл мәкан» улыўмамиллий жойбарының әмелге асырылыўы нәтийжесинде қалаларымыздағы жасыл майданларды 30 процентке жеткериў белгиленбекте.

Мәҳәллелерде кәрхана, мәкеме ҳәм шөлкемлер тәрепинен «Жасыл мәкан» жойбары шеңбериндеги илажлар, абаданластырыў, мийўели ҳәм саяманларды терек нәллерин егиў илажлары даўам етпекте.

Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги ҳәм Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал – демократиялық партиясы  Қарақалпақстан  Республикалық  Кеңеси  менен биргеликте    «Жасыл мәкан» улыўмамиллий ҳәрекети шеңберинде  Нөкис қаласындағы «Қум аўыл» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында  «Қум аўыл мәҳәллесин абат етемиз!» сүрени  астында акция шөлкемлестирилди.

Акцияға Қарақалпақстан  Республикасы  Жоқарғы Кеңеси ҳәм қалалық Кеңесиниң депутатлары, мәҳәлле ҳәм партия белсендилери, волонтёр жаслар қатнасты.

Акция  шеңберинде  усы мәҳәлле пуқаралар жыйыны аймағындағы жол бойлары абаданластырылып, көше бойлары ҳәм үйлер ҳәкленди. Жерлер аўдарылып, жүзден аслам мийўели ҳәм саяманлы терек нәллери отырғызылды.

Жойбар шеңбериндеги бундай илажлар қаламыздың экологиясын  жақсылаў  менен  бирге,  қоршаған  орталықты,  ана тәбиятымызды сақлаўға хызмет етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги