2022-жылдың 6-7-март күнлери Украинадан Польшаның Катовице аэропорты арқалы 674 Өзбекстан пуқарасы, соның ишинде, 109 ҳаял-қыз, 57 жас өспирим ҳәм 12 нәресте алып келинди.

«28-февральдан 7-мартқа шекем 19 авиарейс шөлкемлестирилди ҳәм урыс болып атырған орынлардан 4 359 ўатанласымыз қайтарылды», делинеди Сыртқы ислер министрлиги рәсмий ўәкилиниң мәлимлемесинде.

7-март күни және бир рейсти әмелге асырыў режелестирилген.

Польша аймағында Өзбекстанның 350 ден аслам пуқарасы қалмақта. Олардан 80 и Польшаның мәмлекетлик шегарасындағы жыйналыў пунктине, дерлик 270 и болса Катовице аэропортына жайластырылған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги