Президент Шавкат Мирзиёев «Steel property construction» қоспа кәрханасының өндирислик қуўатлылықларын көзден өткерди.

Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президенти Баспасөз хызмети мәлим етти.

Бир неше цехлардан ибарат бул кәрхана Яшнабад районындағы бурынғы авиация заводына қараслы пайдаланылмай турған имаратларда жумыс баслаған. Сырт елден технологиялар алып келинип, базарбап өнимлер ислеп шығарыў жолға қойылған.

Мәселен «Dacros» кәрханасы Европа технологиясы тийкарында темир есиклер таярлаўға қәнигелескен. Бул есиклер көп қабатлы турақ жайлардың подъездлерине, үлги жойбардағы үйлерге орнатылмақта.

Және бир имаратта Нидерландия технологиясы тийкарында түрли өлшемдеги металл конструкциялар ислеп шығарыў шөлкемлестирилген. Бул жерде жылына 24 мың тонна металл өнимлер менен бирге сендвич панеллер, брусчаткалар, жол шети тосықлары, жылытыў радиаторлары таярланады. Ишки базардан тысқары қоңсылас мәмлекетлер өниминиң тийкарғы базары болып есапланады. Кәрханада 440 жумыс орны жаратылған.

«Midas agrotech» кәрханасында заманагөй ыссыхана комплекслери ушын конструкциялар, сондай-ақ, қуяш нурынан қорғайтуғын торлар, пластикалық яшиклер, полиэтилен плёнка сыяқлы өнимлер ислеп шығарылады.

«Бектемир металл конструкциялары» кәрханасында жол тосықлары, жақтыландырыў столбалары, қурылыс конструкциялары, электр кепсерлеген қубырлар таярланады.

Мәмлекетимиз басшысы бул цехлардағы өндирис процессин көзден өткерди. Өнимлердиң сапасы ҳәм базары менен қызықты.

Бектемир районындағы «Бинокор» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар көрсетилди.

Президентимиз бул кәрхана тәрепинен ислеп шығарылған темир-бетон панеллеринен үлги сыпатында қурылған бөлмелерге кирип көрди. Көп қабатлы жайларды тез мүддетлерде қурыў, халықты турақ жай менен тәмийинлеў ушын бундай кәрханалар жүдә зәрүр екени атап өтилди. Бул бағдарға қәнигелескен кәрханаларды көбейтиў ҳәм кадрлар таярлаў бойынша тапсырмалар берди.

Усы жерде Ташкент қаласының экономикасына сырт ел инвестицияларын тартыў, жаңа кәрханалар шөлкемлестириўге байланыслы жойбарлар менен таныстырыў болып өтти. 2019-жылы пайтахтымызға 2 миллиард 700 миллион муғдарында инвестиция киргизилиўи, бул қаржы санаат, қурылыс, хызмет көрсетиў ҳәм басқа да тараўларға қаратылатуғыны мәлим етилди.

5f7e4c52-1ddf-7d2b-b843-9fa975877163.jpg

d12cbffe-8c98-cf27-399b-12dc0c764119.jpg

1ab58b85-a84a-96cf-a6ca-6237f9f91dbe.jpg

e01510d3-8889-b6b3-0bce-5b0934c21ccf.jpg

fbbe30b0-1bdd-aacc-e51c-cd1b9e8b279a.jpg

2b83c688-eae1-9ac4-f328-d0c717d61888.jpg

ӨзА