Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети “Ҳәкимшиик реформалар шеӊберинде бәсекини раўажландырыў ҳәм тутыныўшылардыӊ ҳуқықларын қорғаў  тараўында мәмлекетлик басқарыўдыӊ жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниӊ айырым қарарларына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў, сондай-ақ, айырымларын өз күшин жоғалтқан деп есаплаў ҳаққында” қарар қабыл етти.

Оған бола, Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниӊ айырым қарарларына төмендеги өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиледи:

– бәсекиге қарсы келисим дүзген яки өз-ара муўапықластырылған ҳәрекетти әмелге асырған шахс бул ҳаққында монополияға қарсы уйымға биринши болып өз қәлеўи менен хабар берсе, бул шахсқа финанслық санкциялар қолланылмайды;

– монополияға қарсы уйым бәсеки ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлықтыӊ экономикалық тәсир дәрежеси төмен жағдайлар бойынша биринши мәрте ҳуқықбузарлық әмелге асырған исбилерменлик субъектлерине финанслық санкциялар белгилеў ҳәм өндириў ҳаққында судқа мүрәжат етилмейди, оларға профилактикалық түсиник илажлары әмелге асырылады;

– мәмлекетлик уйымлар мәмлекетлик жәрдемди бериўди нәзерде тутыўшы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын олардыӊ бәсеки орталығына тәсирин баҳалаў ушын Бәсекини раўажландырыў ҳәм тутыныўшылардыӊ ҳуқықларын қорғаў уйымына мәжбүрий тәртипте киргизиледи;

Бәсекини раўажландырыў ҳәм тутыныўшылар ҳуқықларын қорғаў комитети хызметкерлери таӊлаў (тендер) комиссиялары қурамына киргизилмейди.

ӨзА