Соңғы пайытлары Өзбекистан ҳәм Россияның мәдений-гуманитарлық салалардағы өз-ара бирге ислесиўи избе-из раўажланып бармақта. Еки елдиң халықлары бир-бириниң әдебияты менен көркем өнерине жоқары ҳүрмет пенен қарайды. Усы жерде Москва  қаласында уллы өзбек шайыры ҳәм ойшылы Әлийшер Наўайы ҳәм Ташкент қаласында Пушкин естеликлериниң бой тиклегени пикиримизди айқын дәлиллейди.

Бурын хабар етилгениндей, Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң мирәт етиўине бола, усы жылдың 4-5-апрель күнлери мәмлекетлик сапар менен усы елде болған еди.

Өзбекистан делегациясының усы сапар етиўи қарсаңында Москвадағы А.С.Пушкин атындағы сүўретлеў көркем өнери музейинде елимиздиң И.В.Савицкий атындағы қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейи экспонатларының «Нөкис ғәзийнеси» атлы көргизбеси ашылды.

Еки айға шамалас ўақыт даўам еткен (5-апрельден 31-майға шекем) бул көргизбеге бизиң музейимизден 233 бийбаҳа экспонатлар қойылды. Соның ишинде, көргизбеден живопис, графика, қарақалпақ миллий кийим-кеншеклери, қара үй ҳәм оның безеклери және археологиялық буйымлар орын алып, олардың 23 и музейдиң бас имаратына, ал қалғанлары жеке коллекциялар имаратына орналастырылды.

– Көргизбениң ашылыў салтанатында еки елдиң Президентлери Шавкат Мирзиёев ҳәм Владимир Путинниң қатнасыўы бизде үлкен тәсир қалдырды. Президентлер көргизбени тамашалап, бизиң экспонатларымызға өзлериниң жоқары баҳаларын билдирди, – дейди  И.В.Савицкий атындағы қарақалпақ мәмлекетлик музейиниң директоры Г.Изентаева.

И.В.Савицкий атындағы қарақалпақ мәмлекетлик музейи шынында да өзиниң бийбаҳа экспонатлары менен дүнья көркем өнер ықласбентлериниң дыққат итибарын өзине тартады. Қарақалпақ көркем өнер үлгилери Россия халқы ықласбентлеринде үлкен қызығыўшылық оятты.

–  Көргизбеге россиялы жүз мыңнан аслам көркем өнер ықласбентлери қатнасып, олар бизиң экспонатларымызды жоқары қызығыўшылық пенен тамашалады. Көргизбе мүддети ықласбентлердиң талабына бола және бир айға созылды. Россиялы ықласбентлер: «Биз барыўды әрман етип жүрген Савицкий музейинен келген экспонатлар бизге таза ҳаўадан нәпес алғандай заўық бағышлады» деп қайта-қайта миннетдаршылықларын билдирди ҳәм китапларға унамлы пикирлерин қалдырды, дейди музей хызметкери А.Пирназарова.

Көргизбеге экспонатларды қәўипсиз апарып  әкелиўде Республикамыздың бажыхана ҳәм экспертиза хызметкерлериниң мийнети салмақлы болды.

Шынында да елимиздиң мақтанышы, «Саҳрадағы Лувр», деп аталған И.В.Савицкий атындағы қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейи өзиниң бийбаҳа экспонатлары менен дүньяға белгили музейлерден саналады.

 

Ч.ЕЛМУРАТОВ,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы