Бүгин. 17-март саат 18:00 ден 10 минут өткенде Қарақалпақстан телеканалында Сизиң нəзериңизге гезектеги «Ашық микрофон» көрсетиўи тиккелей эфир арқалы усынылады.

Онда əйне пайытта жер жүзи халықларын тəшўишке салып турған коронавирустан елимиз пуқараларының сақланыўы ҳəм усы бағдарда жедел алып барылып атырған профилактикалық илажлар ҳаққында сөз етиледи.

Тиккелей эфир арқалы Сиз Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў, Ишки ислер, Әдиллик, Халық билимлендириў, Мектепке шекемги билимлендириў министрликлери, сондай-ақ, Айрықша жағдайлар, Бажыхана ҳəм Мəмлекетлик салық басқармасы сыяқлы тийисли тараў ўəкиллерине əҳмийетли мəселе бойынша өзлериңизди қызықтырған сораўларыңыз арқалы мүрəжат етиўиңизге болады.

Қоңыраў етиў ушын арнаўлы телефонлар:
(061) 226-53-14
(061) 226-53-15

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Мəлимлеме хызмети