Нөкис қаласының «Жеке терек» мәкан пуқаралар жыйынында «Гүрес» миллий спорт орайының жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылды.

«Нукус искер» ЖШЖ тәрепинен қурылған заманагөй орайда зәрүр инвентарьлар менен үскенеленген спорт заллары, кийиниў, жуўыныў ханалары бар.

Мәмлекетимизде спорт ҳәм денетәрбияны раўажландырыўға қаратылып атырған үлкен итибар биз, тараў ўәкиллерин және де исеним ҳәм талапшаңлық пенен ислеўге ийтермелемекте. Бундай имканиятларға жуўап сыпатында жәҳән ареналарында Ўатанымыздың байрағын бәлентлерге көтеретуғын спортшыларды тәрбиялаў жолында күш-ғайратымызды аямаймыз, – дейди гүрес бойынша ҳалықаралық категориядағы спорт төрешиси, тренер Нөкисбай Данияров.

Орайдың салтанатлы ашылыў мәресими спорт жарысы менен даўам етти. Гүрес бойынша өткерилген Қарақалпақстан Республикасы чемпионатында 100 ден аслам палўан гилемге түсти.

photo5359755668422241360.jpg

photo5359356077549923440.jpg

 

Мақсет ҲАБИБУЛЛАЕВ (Сүўрет), ӨзА