Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳәм Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты Өзбекистан жаслар аўқамы жетекши басланғыш шөлкемлеринде «Мәртлик» клублары жумыс баслады. Оларға ағза болған 300 ге шамалас студентлер ишки ислер уйымлары менен басқа да бирге ислесиўши шөлкемлерге бириктирилип, түнги илажларға ҳәм рейдлерге белсене қатнаспақта.

Жақын күнлерде елимиздеги барлық жоқары оқыў орынларында усындай клублар шөлкемлестирилип, оларға ағзалыққа қәлеўшилер кеңнен қамтылып, клуб жасларына арнаўлы кийим ҳәм гүўалықлар бериледи.

Ағзалыққа жоқары оқыў орнында оқымайтуғын жаслар да тартылыўы мүмкин. Исенимли дәреклердиң мәлим етиўинше, ағзалыққа өтиўди қәлеўшилердиң саны болса күннен-күнге артып бармақта. Себеби, клуб жумысында белсендилик көрсеткен ағзалар жуўапкер шөлкемлер тәрепинен ҳәр тәреплеме хошаметленеди, атап айтқанда, олардың жоқары оқыў орнына кириў ушын таярлық көриўинде (егер ол абитуриент болса), жоқары оқыў орнын жуўмақлағанларға турақлы жумыс пенен тәмийинлениўде барлық зәрүр шараятлар жаратылып бериледи.

Мәртлик» клубы ағзаларының тийкарғы атқаратуғын жумысы ҳәм ўазыйпасы – жаслардың ҳуқықбузарлықларды ҳәм басқа да унамсыз ис-ҳәрекетлерди ислеўиниң алдын алыўға, ишки ислер уйымлары, сондай-ақ, басқа да бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргеликте түнги ўақытларда жас өспиримлердиң ата-анасы ямаса олардың орнын басатуғын шахслардың бақлаўысыз кеўил ашыў, дем алыў (ресторан, кафелер, компьютер клубы) орынларында болыўына жол қоймаўға қаратылған илажларға қатнасыў.

Еслетип өтемиз, Өзбекистан Республикасы Қорғаныў министрлиги, Ишки ислер министрлиги, Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыў бойынша Республикалық Кеңеси, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы ҳәм Өзбекистан жаслар аўқамы орайлық Кеңеси менен биргеликте 2017-жыл 3-ноябрьде «Өзбекистан жаслар аўқамының аймақлық Кеңеслериниң жанында «Мәртлик» клубының жумысын жолға қойыў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилген еди. Бул жумыслар әне усы ҳүжжетлердиң әмелий көриниси болып табылады.

 

Ч.ЕЛМУРАТОВ,

Қарақалпақстан хабар агентлиги