Тажетдинов Айбек Алтынбекович Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының экономика ҳәм исбилерменлик мәселелери бойынша биринши орынбасары лаўазымына тайынланды.

А.Тажетдинов усы күнге шекем Қарақалпақстан Республикасы Экономика министри лаўазымында ислеп келген. Оннан алдын Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде мәлимлеме-талқылаў басқармасы баслығы лаўазымында ислеген.